Telegram karinform

Жәмийет

  • 08.06.2018 11:33
  • 2078

Жумыс стажын есапқа алыў әпиўайыластырылды

Жумыс стажын есапқа алыў әпиўайыластырылды

Бул Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 22-майдағы «Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айрым нызамларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў, сондай-ақ, айрымларын өз күшин жойтқан деп есаплаў ҳаққында»ғы 384-санлы қарарында нәзерде тутылған. Бул ҳаққында Kun.uz хабар бермекте.
Хабарда жазылыўынша, ҳүжжет тийкарында пенсия бөлими ҳәр бир жеке тәртиптеги исбилермен (буннан кейинги текстлерде – ЖТИ) ушын айрықша жүргизилетуғын Пенсия қорына қамсызландырыў төлемлериниң төлениўин есаплаўдың жеке карточкасы бийкар етилмекте. Еслетип өтемиз, карточка пенсия бөлиминде турақлы түрде сақланатуғын, оған қамсызландырыў төлемлериниң суммалары ҳәм олар қайсы ўақыт ушын төленгенлиги ҳаққындағы жазыўлар киргизилетуғын еди.
Енди пенсия бөлими тәрепинен ЖТИға (сондай-ақ, сырт еллерде жалланба жумыс ислейтуғын шахсларға, дийқан хожалығы ағзаларына ҳәм шаңарақлық исбилерменлик субъектиниң шаңарақ ағзаларына) тек ғана Қамсызландырыў төлемлериниң төлениўин есапқа алыў дәптершеси ашылады. Ол ЖТИда сақланады ҳәм банк квитанциялары және төлем ҳүжжетлериниң тийкарғы нусқалары менен бир қатарда, төлемлер төленгенлиги дәлилин тастыйықлайтуғын тийкарғы ҳүжжет болып есапланады.
Сондай-ақ, енди ЖТИ ушын исбилерменлик хызмети тийкарғы хызмет деп есапланса, мийнет дәптершеси пенсия бөлиминде емес, ал оның өзинде сақланады. Жасаў орнындағы пенсия бөлими ЖТИ хызмети ҳаққындағы тийисли жазыўларды мийнет дәптершесине жазып барады. Бул сырт еллерде жалланба жумыс ислеген шахсларға, дийқан хожалығы ағзаларына ҳәм шаңарақлық исбилерменлик субъекти шаңарақ ағзаларына да тийисли.
Дийқан хожалығындағы мийнети ямаса жеке тәртиптеги исбилерменлик хызмети пуқара ушын қосымша есапланса, оның мийнет дәптершеси тийкарғы жумыс орнында жүргизиледи. Бундай жағдайда дизимге алынған жериндеги пенсия бөлими тәрепинен оның қәлеўине қарай мийнет дәптершесине исбилермен сыпатындағы хызмет дәўири ҳаққындағы жазыў киргизилиўи мүмкин.
Ҳүжжет 2018-жыл 24-майдан баслап күшке кирди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

        Өзбекстан баспасөз еркинлиги индексинде дүньяның 180 мәмлекетиниң ишинде 148-орынды ийеледи. Республика 2024-жылғы рейтингде де усындай

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

        Жасалма интеллект технологияларының раўажланыўы себепли көплеген кәсиплер жоқ болып кетеди. Бул мәселеге Microsoft компаниясының тийкарын

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин. Бул бойынша нызам жойбары жәмийетшиликтиң...