Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.06.2018 10:10
  • 2172

Фламинго қуслары Нөкиске де келди. Оларды қай жерлерде ушыратыў мүмкин?

Фламинго қуслары Нөкиске де келди. Оларды қай жерлерде ушыратыў мүмкин?

Қарақалпақстанның Судочье, Жалтырбас көллерин мәкан еткен, қуслардың миграция дәўиринде ушып келип дем алатуғын фламинго қусларын Нөкис қаласы әтирапында да ушыратыў мүмкин. Бул ҳаққында ӨзА хабаршысы Есимқан Қанаатов хабар бермекте. Бирнеше күн алдын Есимқан Қанаатов өзиниң Фейсбук тармағындағы жеке бетинде Нөкис қаласы әтирапындағы фламинго қуслары сәўлеленген видеоны жәриялаған ҳәм ол көпшилик тармақ юзерлериниң қызығыўшылықларына себепши болған еди. ӨзА хабаршысының жазыўынша, усы жылдың бәҳәр айында Нөкис қаласына жақын жердеги Котлован деп аталатуғын аймақтағы киши көллерге фламинго қусларының топары келе баслаған.
- Мен 20 жылдан берли усы жерде жасайман. Қуслардың ҳәр қыйлы түрлерин көргенмен. Бирақ бул аймақта усы жылы биринши мәрте фламинго қусларының топары пайда болды, - дейди Трофим исимли пуқара. – Ҳәзир бул қуслар топары ушып кетти, бирақ екеўи қанатынан жарадар болғанлықтан топарынан ажыралып қалған.

Фламинго қуслары Нөкиске де келди. Оларды қай жерлерде ушыратыў мүмкин?

Қызылқум баўырындағы Нөкис қаласына 27 километр қашықлықта жайласқан усындай әжайып көринисли тәбият қушағында қуслардың жабайы ғаз, үйрек, бирқазан, ҳайўанлардың түлки, қоян сыяқлы түрлерин көплеп ушыратыў мүмкин. Фламинголар болса алдын бул жерлерге келмеген.

Фламинго қуслары Нөкиске де келди. Оларды қай жерлерде ушыратыў мүмкин?

- Жергиликли тилде қызылғаз деп аталатуғын фламинго қуслары Судочье ҳәм Жалтырбас көллеринен басқа Қарақалпақстанның бирнеше аймақларында – Возрождение атаўы, батыс Қаратерең көли, Шегекөл (Междуречье суў сақлағышы), Сарықамыс көли, Әмиўдәрьяның оң жағалаўы, Ақшадәрья (Қытайқазған) каналлары бойларында ҳәм басқа жерлерде де ушырайды, - дейди орнитолог илимпаз Якуб Әметов. – Олар Қарақалпақстанға узақ сапар алдынан азықланыў ушын қонады. Бирақ, қарақалпақстанлы орнитолог илимпазлар 2014-жылы Судочье көллери системасында жүргизген изертлеўлер ўақтында фламингоның уялайтуғын үлкен колониясын тапқан еди.

Фламинго қуслары Нөкиске де келди. Оларды қай жерлерде ушыратыў мүмкин?


Фламингоның тийкарғы азығы майда қызыл артемия ҳәм оның туқымы (цистасы) болып табылады. Сондай-ақ, фламинголар моллюскалар, жәнликлердиң личинкалары ҳәм қурт-қумырсқалар менен де азықланады. Олар азықлық затларды суўдың сайыз жерлеринен излейди. Фламинго уялаған суўында азықланыўы да мүмкин, бирақ азық аз болса, басқа жерге ушып барып (30-40, ҳәттеки 50-60 км) және изине қайтады.
Қызықлы тәрепи, фламинголар усы артемиялар менен азықланып, денесине май топлайды, нәтийжеде қызғыш түске кире баслайды. Олар әсиресе, көбейиў ўақтында қызғыш түске енип, өз жубын табыў, өзине қаратыў мақсетинде артемияны көбирек жейди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...