Telegram karinform

Сиясат

  • 13.06.2018 12:39
  • 2107

Македония мәмлекетиниң аты өзгереди. Не ушын?

Македония мәмлекетиниң аты өзгереди. Не ушын?

Греция ҳәм Македония еллериниң басшылары мәмлекет атамасын өзгертиў менен байланыслы бир шешимге келди, деп жазады BBC News.
Мәмлекеттиң атамасы менен байланыслы узақ жылларға созылған пикир-таласлар бойынша Греция ҳәм Македонияның премьер-министрлери Алексис Ципрас ҳәм Зоран Заев бир тоқтамға келди. Жаңа келисим нәтийжесинде қабыл етилген ҳүжжетлер бойынша Македония Арқа Македония Республикасы деп аталатуғын болды.
Мәмлекетлик тили – македон тили, мәмлекет турғынлары македониялы деген пуқаралық алады. Арқа Македония Республикасы атамасы халықаралық көлемде қолланылады. Мәмлекеттиң атын инглис ямаса славян тиллеринде қолланыўға болады.
Еки мәмлекет басшылары тийисли ҳүжжетлерди таярлап, тастыйықлайтуғын күн де жақын екенлиги ҳаққында билдирмекте. Буннан соң рәсмий Скопье Европа Аўқамы ҳәм Арқа Атлантика шәртнамасы шөлкеми (НАТО) менен толық қатнас орната алады. Буған шекем усы аўқамлар менен келисимге ерисиўге Греция жол бермей киятырған еди.
Мағлыўмат ушын, еки мәмлекет арасындағы келиспеўшилик Македония деген атамаға байланыслы көп жыллар алдын жүзеге келген. Себеби, Греция аймағында Македония деген жер бар. Грек халқы бул атаманы қолланбаў бойынша бирнеше мәрте наразылық акцияларын да өткерген.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған