Telegram karinform

Экономика

  • 14.06.2018 07:17
  • 1995

Қоян бағыўды раўажландырыў бизнес идеясы менен шыққан университетимиздиң студенти жеңимпаз болды

Қоян бағыўды раўажландырыў бизнес идеясы менен шыққан университетимиздиң студенти жеңимпаз болды

Өзбекстан жаслар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў орайы Қарақалпақстан Республикалық бөлими ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамы Нөкис қалалық Кеңеси менен биргеликте өткерилген «Business start» таңлаўында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң химия-технология факультети жеңил-санаат қәнигелигиниң 1-курс студенти Охунжон Машарипов 1-орынды ийеледи.
18-30 жас арасындағы орта арнаўлы оқыў орынларындағы оқыўшы ҳәм жоқары оқыў орынларындағы студент жаслар ҳәм де өз исбилерменлигин жаңадан басламақшы яки кеңейтпекши болған басқа да жаслар арасында өткерилген таңлаўда жеңимпазлар жеңиллетилген кредитлер алыўға еристи.
Охунжон Машарипов бүгинги күнге шекем «Жас исбилермен», «Мениң бизнес идеям» таңлаўларының Хорезм ўәлаяты басқышының, «Исбилермен студент» таңлаўының «Ең жақсы бизнес идея» номинациясының жеңимпазы болған.

Қоян бағыўды раўажландырыў бизнес идеясы менен шыққан университетимиздиң студенти жеңимпаз болды

Қоян бағыўды раўажландырыў бизнес идеясын көтерип шыққан жас исбилермен усы таңлаў жуўмағына муўапық, 21 миллион 75 мың сўмды жеңиллетилген кредит есабында алыўға еристи. Ол келешекте бизнесин баслағаннан соң 5 адамды ҳәм бир жылдан кейин қоянлардың терилеринен қысқы кийимлерди тигиў цехын ашып 8 адамды жумыс пенен тәмийинлеўди режелестирип отыр.

Қоян бағыўды раўажландырыў бизнес идеясы менен шыққан университетимиздиң студенти жеңимпаз болды

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған