Telegram karinform

Спорт

  • 14.06.2018 10:10
  • 1938

Шавкат Мирзиёев Россиядағы футбол бойынша жәҳән чемпионатының ашылыўына барады

Шавкат Мирзиёев Россиядағы футбол бойынша жәҳән чемпионатының ашылыўына барады

Шавкат Мирзиёев футбол бойынша жәҳән чемпионатының ашылыў салтанатында қатнасады. Бул мағлыўмат Президенттиң баспасөз хаткери Комил Алламжонов тәрепинен рәсмий түрде тастыйықланды, деп жазады Kun.uz сайты.
Хабарда жазылыўынша, «Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Россия Федерациясының Президенти Владимир Путинниң мирәт етиўине бола футбол бойынша жәҳән чемпионатының ашылыў салтанатында қатнасыў ушын 2018-жыл 14-июнь күни Москва қаласына барады», - деп жазған баспасөз хаткери өзиниң Фейсбуктағы бетинде.
Буннан алдын Россия басылымлары чемпионаттың ашылыў салтанатына КХДР Жоқары халық мәжилиси президиумының баслығы Ким Ён Нам, Сауд Арабиясы тахты шахзадасы Муҳаммед бин Салман, Әзербайжан Президенти Илҳам Әлиев, Беларусь – Александр Лукашенко, Боливия – Эво Моралес, Қазақстан – Нурсултан Назарбаев, Қырғызстан – Сооронбай Жээнбеков, Панама – Хуан Карлос Варела, Тәжикстан – Имамалы Раҳман, Парагвай – Орасио Картес, Руанда – Поль Кагаме, Армения бас министри – Николь Пашинян, Ливан – Саад Ҳаририйлер қатарында Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтың келиўи ҳаққында хабар берген еди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет