Telegram karinform

Спорт

  • 20.06.2018 10:30
  • 1983

Равшан Эрматов жәҳән чемпионатында қайсы ойынды басқаратуғынлығы анық болды

Равшан Эрматов жәҳән чемпионатында қайсы ойынды басқаратуғынлығы анық болды

Өзбекстанлы ФИФА рефериси Равшан Эрматов Россияда өткерилип атырған жәҳән чемпионатының 2-турынан орын алған Аргентина-Хорватия ойынына бас төреши етип тайынланды, деп жазады Kun.uz сайты.
Оған лайнсменлер Абдуҳамидулло Расулов ҳәм Жаҳонгир Саидов жәрдем береди. Резервтеги төреши таитили Норберт Хауата етип белгиленди.
Ойын 21-июнь күни Нижный Новгородта Ташкент ўақты менен саат 23:00 де басланады.
Усылайынша Эрматов жәҳән чемпионатларындағы басқарған ойынларының саны бойынша өзи орнатқан рекордты жаңалайды. Усы күнге шекем Эрматов ЖЧ финаллық басқышларында 9 ойында бас төреши болған еди.
Еслетип өтемиз, Равшан Эрматов Лионель Месси басшылығындағы Аргентина сайланды командасының 2010-жылы Қубла Африка Республикасындағы еки ойынын басқарған. Сол ойынларда аргентиналылар топарлық басқышта Грецияға қарсы ойында 2:0 есабы менен жеңиске ерискен, ал шерек финалда Германияға 0:4 есабында жеңилип қалған еди.
Эрматов 2014-жылдағы мундиалда Хорватия қатнасыўындағы бир ойынды да басқарған. Сол ойында Мексикаға 1:3 есабы менен жеңилген хорватлар топар басқышынан өте алмаған еди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...