Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.06.2018 14:30
  • 2034

Балалардан нелерди үйрениўге болады?

Балалардан нелерди үйрениўге болады?

Бала ўақтымызда үлкейгенше асығамыз. Ол ўақытлары үлкейсек өмирде қандай қыйыншылықлар күтип турғанын ойламаймыз. Өсип, ержеткеннен кейин және бала болғымыз келеди. Ал бала болып қалыў – бул балалық ўақыттағы пәк кеўлимизди сол қәлипте сақлап қалыў екенлигин көпшилигимиз биле бермеймиз.
Өмирлик тәжирийбеден белгили, көбинесе жасыүлкенлер балаларға тәрбия берип, оларды қадағалап отырады. Бирақ, балалардан да үйрениўге болатуғын өзгешеликлер бар. Олар қайсылар?
Жақсы ма, жаман ба, бирақ балалар ҳеш қашан не ислейтуғынлығын режелестирмейди. Олар дус келген қолайсыз жағдайды солай болыўы керектей болып қабыл етеди. Егер бала ҳәр бир минутын режелестирип, ўақыт пенен санасып отырса, бул күлкили болып көринген болар еди.
Балалар қандайда бир жумысты алдын ислеп көрмегени ушын албырақлап қалмайды. Барлығын басынан баслап үйрениўге ҳәрекет етеди, қәтелессе де тоқтап қалмайды, тез арада оны дүзетип, екинши мәрте қәтеге жол қоймаўға тырысады. Ал жасыүлкенлер болса өзлерине исенбей «ўақтында үйренип алмаған екенбиз» деп өз билмейтуғынлығын жуўып-шайғысы келеди.
Балалар спорт пенен шуғылланыў ушын оның денсаўлыққа пайдасын ойлап отырмайды. Әпиўайы ғана терекке өрмелеўден де ләззетленеди. Ал биз болсақ спорт та адамға ләззет бағышлайтуғынлығын умытып кетемиз де, өзимизди қыйнап шынығыў ислеймиз ямаса улыўма шуғылланбай қоямыз.
Бир нәрсемиз ойымыздағыдай болмай қалса, биз қатты ғәзепленип, өзимизди қоярға жер таба алмаймыз. Ала балалар болса өз ҳәрекетин даўам еттире береди. Балалар ҳеш нәрсени режелестирмегеннен кейин де олардың санасында «ойдағыдай болмаў» деген түсиник жоқ.
Балалардың мийи барлық жаңа нәрселерди сорығыштай етип сиңирип алады. Олар ушын жаңа ҳәрекетлер оғада қызықлы, бәрин орынлап таслағысы келеди. Ал жасыүлкенлер жаңа нәрсени қабыллап алыў ушын көп күш керек деп ойлайды.
Балалар өзлериниң қәбилети ҳаққында ойланып отырмайды, әпиўайы ғана өзине унаған жумыс пенен шуғылланады. Буны ата-аналары сезип, қәбилетин раўажландырыў ушын ҳәр қыйлы дөгереклерге береди. Ал жасыүлкенлерге биреў оның қәбилетин айтса, қулақ аспайды.
Балалардың жүзинде ҳәммеси көринип турады. Олар не нәрсеге қуўанып, қандай жағдайда муңайып қалатуғынлығын билиў қыйын емес. Ал жасыүлкенлер эмоциясын жасырады. Қуўанып турса да, балалардай шадланыўды уят деп биледи. Жылағысы келсе де, өз көз жасын көрсетпеўге ҳәрекет етеди. Көпшилик жағдайларда бул жақсы, бирақ базыда адамның өзине зыянлы.
Не ушын? Қалайынша? Болды ма? Бир жумыс питсе балалар усындай сораўларды үйип таслайды. Барлық сораўлар да бирдей мазмунға ийе болмаўы мүмкин. Деген менен, бизлер де балалар сыяқлы көп сораў берип, сол сораўларға толық жуўап излеўге әдетлениўимиз мақсетке муўапық болады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Уқсас жаңалықлар

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

    Түнги ўақытта саат 23.00 ден 06.00 ге шекем пуқаралардың тынышлығын ҳәм нормал дем алыўын бузыў,

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны