Telegram karinform

Жәмийет

  • 22.06.2018 11:41
  • 2153

«Терилмесе атызда қалып кетсин». Президент және бир мәрте пахта териминдеги мәжбүрий мийнетти қаралады

«Терилмесе атызда қалып кетсин». Президент және бир мәрте пахта териминдеги мәжбүрий мийнетти қаралады

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басшылығында 21-июнь күни тармақлар ҳәм аймақларда инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўдың жағдайы, тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў ҳәм өзлестириў нәтийжелериниң анализине арналған видеоселектор жыйналысы болып өтти, деп жазады Kun.uz сайты.
Жыйналыста Президент Ташкент ўәлаятының ҳәкими Ғуламжан Ибрагимовтан есап қабыл еткен. Сәўбет даўамында Президент ўәлаят ҳәкиминен пахта кластерлери бойынша пикирин сораған.
Сәўбетте Президент пахта теримин ҳәзирден баслап өткен жылғы тәжирийбеден келип шығып, орын-орынына қойыў кереклиги, енди мектеп, колледж, емлеўхана, жоқары оқыў орынлары – ҳеш қайсысы пахта теримине шықпайтуғынлығын және бир мәрте айтып өтти.
- Маған керек емес, ондай пахта да, бундай табыслар да. Өмир бойы өзимиз өзимиздиң абыройымызды төгип келдик. Бары-жоғы бир миллиард еки жүз миллион сум туратуғын нәрсе ушын пүткил дүньяға шерменде болғанбыз. Балалар мийнети, мәжбүрий мийнет. Кимге керек еди бул? Маған улыўма керек емес, атызда қалып кеткени мақул еди оннан да. Кластер өзи терип алсын, өзи сатсын, - деп айтқан Президент.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

        Өзбекстан баспасөз еркинлиги индексинде дүньяның 180 мәмлекетиниң ишинде 148-орынды ийеледи. Республика 2024-жылғы рейтингде де усындай

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал