Telegram karinform

Жәмийет

  • 26.06.2018 10:41
  • 2244

Бир минимальный төлеп, басқа қәнигелик бойынша тест тапсырса бола ма? Мәмлекетлик тест орайының ўәкили анықлық киргизди

Бир минимальный төлеп, басқа қәнигелик бойынша тест тапсырса бола ма? Мәмлекетлик тест орайының ўәкили анықлық киргизди

Хабарыңыз бар, усы жылдың 16-июнь күнинен баслап республикамыздағы барлық жоқары оқыў орынларында келеси 2018-2019-оқыў жылы ушын абитуриентлерден ҳүжжетлерди қабыллаў процеси басланды.
Алдын хабар берилгениндей, быйылғы тест сынақлары 1-15-август күнлери аралығында өткериледи. Сол себепли көпшилик абитуриентлер ҳәм кең жәмийетшилик арасында «Бир минимальный (ең кем айлық мийнет ҳақы – И.М.) төлеп, басқа қәнигелик бойынша тест тапсырыўға болады екен» деген мазмундағы түсиниксизликлер көбейгенлиги сыр емес.
Бундай мазмундағы гәплердиң пайда болыўы да тәбийғый. Мәселен, абитуриент 1-август күни болып өтетуғын тест сынақларында қатнасса, соның менен бирге, тест блоклары сәйкес келетуғын басқа қәнигеликтен 5-август күни өткерилетуғын тест сынақларына қатнаса алыўым мүмкин, деген түсиник жүзеге келди.
KarInform.uz сайтының редакторы Ислам Матеков усы мазмундағы сораў менен Мәмлекетлик тест орайының Қарақалпақстан Республикасындағы ўәкили Музаффар Абдуллаевқа мүрәжат етти.

- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 3-апрельдеги 261-санлы қарарына тийкарланып, Өзбекстан Республикасында ҳәр бир абитуриент бир жоқары оқыў орнының бир қәнигелигине ғана ҳүжжет тапсырыўы мүмкин. Абитуриентлер ҳәм кең жәмийетшилик арасында ең кем айлық мийнет ҳақысын төлеп, басқа қәнигелик бойынша тест сынақлары бойынша тест сынақларына қатнаса алыўы ҳаққындағы гәплер – тастыйықланбаған, жалған мағлыўмат есапланады. Абитуриент басқа қәнигелик бойынша тест тапсырмақшы болса, биринши тапсырған қәнигеликтен өз ҳүжжетлерин қайтарып алыўы керек.
Соны айта кетиў керек, абитуриентлер жергиликли жоқары оқыў орынлары менен бир ўақытта тек сырт еллердиң Өзбекстандағы жоқары оқыў орынлары ҳәм филиалларына ғана ҳүжжет тапсыра алады, - деп анықлық киргизип өтти Мәмлекетлик тест орайының ўәкили.

Быйылғы жылы өткерилетуғын тест сынақларында өзгерислер оғада көп. Мәмлекетлик тест орайының ўәкили Музаффар Абдуллаев пенен сәўбетлесиўде көплеген жаңа мағлыўматларға ийе болдық. Сайтымыз арқалы оларды кең түрде сәўлелендирип барамыз. Бизди оқып барың.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Уқсас жаңалықлар

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

    Түнги ўақытта саат 23.00 ден 06.00 ге шекем пуқаралардың тынышлығын ҳәм нормал дем алыўын бузыў,

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны