Telegram karinform

Технология

  • 04.07.2018 13:20
  • 2169

Қубла Кореядан ТИТУ Нөкис филиалы студентлерин оқытыў ушын бир қатар оқытыўшылар ҳәм волонтёрлар келди



3-июль күни Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалына Қубла Кореяның Сунг Кьюн Хван университетинен бир қатар оқытыўшылар ҳәм волонтёрлар келди. Келген мийманлар дәслеп ТИТУ Нөкис филиалы дирекциясы тәрепинен күтип алынды, деп хабар берди университет оқытыўшысы Бекбосын Қалмуратов.



Қубла Кореядағы информациялық технологиялар тараўындағы усы тәжирийбели оқытыўшылар ҳәм волонтёрлар ТИТУ Нөкис филиалы басламасы ҳәм шақырыў жойбары тийкарында Нөкис қаласына келди. Олар 1 ай даўамында ТИТУ Нөкис филиалы студентлерин, соның менен бир қатарда ТИТУ Нөкис филиалы қасындағы академиялық лицей оқыўшыларын соңғы заманагөй технологиялар бойынша оқытады, тәжирийбе алмасады ҳәм әмелий-лабораториялық жумыслар алып барады.





Бизге белгили ҳәзирги ўақытта технологиялар тараўында Қубла Корея мәмлекети алдағы орынларды ийелеп келмекте. Сонлықтан, Кореялы қәнигелердиң тәжирийбеси менен бөлисиў елимиз жаслары ушын және бир имканиятлар есигин ашып береди.



Сахибжамал Есемуратова

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған