Telegram karinform

Спорт

  • 05.07.2018 11:30
  • 1883

Равшан Эрматов ушын ЖЧ-2018 жуўмақланды

Равшан Эрматов ушын ЖЧ-2018 жуўмақланды

ФИФА ЖЧ-2018диң қалған 8 ойынында ислейтуғын төрешилердиң дизимин жәриялады. Бул дизимнен өзбекстанлы төреши Равшан Эрматов орын алмады. Бул ҳаққында Kun.uz хабар бермекте.
ЖЧ-2018де қалған ойынларды басқарып баратуғын төрешилер төмендегилер: Алириза Фаганий (Иран), Абдулла Наваф Шукрулла (Бахрейн), Маланг Дьедиу (Сенегал), Джанни Сиказу (Замбия), Марк Гейтер (АҚШ), Джейр Марруфо (АҚШ), Цезарь Артуро Рамос Палазуэлос (Мексика), Андрес Куна (Уругвай), Нестор Питана (Аргентина), Сандро Риччи (Бразилия), Мэттью Конгер (Жаңа Зеландия), Джунейт Чакир (Туркия), Бьорн Куйперс (Голландия), Антонио Мигель Матеу Лаос (Испания), Милорад Маджич (Сербия), Джанлука Рокки (Италия), Дамир Скомина (Словения).
Еслетип өтемиз, Равшан Эрматов ЖЧ-2018диң 2 ойынында төрешилик етти. Аргентина – Хорватия (0:3) ҳәм Испания – Марокко (2:2) ойынларын басқарыўда оған қанатларда Абдуҳамидулла Расулов ҳәм Жаҳонгир Саидов көмеклести.
Россия мундиалы Равшан Эрматов хызметиндеги үшинши жәҳән чемпионаты болды. Ол Қубла Африкада өткерилген ЖЧ-2010 ҳәм Бразилияда өткерилген ЖЧ-2014 жарысларында қатнасып, жәми 9 ойынды басқарған ҳәм дүнья рекордын орнатқан. Енди Эрматов басқарған ойынлар саны 11 ге жетти.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған