
Канаданың Монреаль қаласында 2-июль күни күнниң қатты ысыўы себепли алты адам дүньядан өтти, деп хабар берди «Корреспондент.net».
Канада күни мүнәсибети менен жәрияланған улыўма миллий дем алыс күнинде қалада температура 35 градусқа жеткен. Бул ыссы себепли тез жәрдемге қоңыраў етиўшилердиң саны көбейген.
CTV News телеканалының берген мағлыўматларына муўапық, ыссы ҳаўа температурасы себепли дүньядан өткенлердиң көпшилиги жалғыз жасаған ҳәм руўҳый кесел адамлар болған. Олардың ҳеш биринде кондиционер болмаған.
Сахибжамал Есемуратова