Telegram karinform

Экономика

  • 16.07.2018 10:55
  • 2110

Өзбекстан көлеминде орташа есапланған мийнет ҳақының муғдары бойынша Қарақалпақстан нешинши орында?

Өзбекстан көлеминде орташа есапланған мийнет ҳақының муғдары бойынша Қарақалпақстан нешинши орында?

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик Статистикалық комитети Өзбекстан көлеминде барлық регионлардағы орташа номиналлық айлық мийнет ҳақының 2018-жыл январь-июнь айларындағы проценте есапланған муғдары бойынша мағлыўмат жәриялады.
Мағлыўматта көрсетилиўинше, орташа номиналлық айлық мийнет ҳақы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Өзбекстанның барлық регионлары арасында 4-орынды бәнтлеген. Яғный, бул көрсеткиш Ташкент қаласында 140%, Наўайы ўәлаятында 133,8%, Ташкент ўәлаятында 109,9% ҳәм Қарақалпақстан Республикасында 97,2% ти қурайды.
Өзбекстан регионлары арасында орташа номиналлық айлық мийнет ҳақы ең төмен ўәлаятлар Самарқанд (79,2%) ҳәм Наманган (78,5%) болып есапланады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...