Telegram karinform

Экономика

  • 18.07.2018 12:40
  • 2010

Қанлыкөл районында быйылғы жылдың 2-шерегинде салық түсимлери неше сумды қурады?

Қанлыкөл районында быйылғы жылдың 2-шерегинде салық түсимлери неше сумды қурады?

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 13-декабрьдеги «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият органларының финанслық еркинлигин арттырыў, жергиликли бюджетлерге түсимлердиң толықлығын тәмийинлеў бойынша салық ҳәм финанс органларының жуўапкершилигин күшейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПФ-5283-санлы Пәрманы талапларына муўапық, Қанлыкөл районлық мәмлекетлик салық инспекциясы тәрепинен қосымша дәраматларды анықлаў, салық салыў базаларын кеңейтиў бойынша «Жол карталары» ислеп шығылды. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий сайты хабар бермекте.
«Жол карталары» тийкарында 2018-жылдың 2-шереги ушын жергиликли бюджетке режеде 2 361,7 млн сўм болып, ҳақыйқатта 3 139,9 млн сўм, 132,9 пайызға, яғный 778,2 млн сўм түсим артығы менен орынланған.
Районлық жергиликли бюджет дәраматларына жәми 4057,7 млн сўм қосымша дәрамат табыў төмендегише режелестирилген:
1.Физикалық шахслардың мүлклери ҳәм жер участкаларын мәмлекетлик салық органларында толық есапқа алыў ҳәм мүлкти кадастр баҳасынан келип шығып есаплаў арқалы түсимди көбейтиў есабына 164,8 млн сўм;
2.Базарлар ҳәм автостанциялардан бюджетке дәраматлар түсимин көбейтиў есабына 44,6 млн сўм;
3.Нызамсыз исбилерменлик жумысы менен шуғылланып атырған физикалық шахсларды салыққа тартыў есабына 48,9 млн сўм;
4.Салық ҳәм финанс есабатларын банк, бажыхана, кадастр ҳәм басқада мағлыўматлар менен салыстырыў арқалы жасырылған товар айланбаларын анықлаў ҳәм салыққа тартыў, камерал қадағалаў менен қамтып алыў есабына 1049,9 млн сўм;
5.Юридик ҳәм физикалық шахслардың салық қарызларын судқа шекем өндирилиўин тәмийинлеў есабына 259,3 млн сўм;
6.Мәжбүрий орынлаў бюросы менен биргеликте салық қарызларын өндириў есабына 668,2 млн сўм;
7.Экспорт көлемин арттырыў есабына 1009,1 млн сўм;
8.Нызамсыз автотранспорт хызметин көрсетип атырған пуқараларды анықлаў ҳәм салыққа тартыў есабына 10,0 млн сўм;
9.Ҳәрекетин тоқтатқан кәрханаларды тиклеў, финанслық қоллап-қуўатлаў жаңа проектлердиң иске түсиўи есабына 46,2 млн. сўм муғдарларындағы қосымша түсимлер базасын анықлаў белгиленген.
Ҳәзирги күнде усы жылдың 2-шереги даўамында 2526,4 млн сўм муғдарында қосымша түсимниң түсиўине ерисилди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...