Telegram karinform

Мәденият

  • 18.07.2018 12:52
  • 2039

«Жалғызсаң сен муқаддес Ўатан» таңлаўы Республика басқышының жеңимпазлары анықланды

«Жалғызсаң сен муқаддес Ўатан» таңлаўы Республика басқышының жеңимпазлары анықланды

17-июль Нөкис қаласындағы 22-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде елимизде «Жалғызсаң сен муқаддес Ўатан» таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети хабар бермекте.
Жоқары көтериңкилик руўхында болып өткен таңлаўда қатнасыўшылар тәрепинен миллий қәдриятларымызды, тыныш ҳәм абат турмысымызды, халқымыздың дөретиўшилик пазийлетлерин, гөззал тәбиятымызды, ғәрезсизлик жылларында ерискен көлемли табысларымызды, жаслардың жүрегинде ана Ўатанға муҳаббат сезимин жетилистириўге, олардың ийгиликли арзыў-нийетлерин сәўлелендириўге қаратылған нама-қосықлар жаңлады.



Әдил төрешилер тәрепинен баҳаланған таңлаў жуўмағына муўапық, Әмиўдәрья районынан Ш.Матсапаева (“Ўатан” сөзи Қ.Тәңирбергенов, намасы А.Аллабергенов) сыйлы биринши орын ҳәм Елликқала районынан Э. Исмайлов (“Ўатан” сөзи Т.Қәллиев, намасы А.Пахратдинов) екинши орынға мүнәсип деп табылып, таңлаўдың Өзбекстан Республикалық басқышына жоллама алды.
Сондай-ақ, Қанлыкөл районынан Б.Базарбаев, Нөкис қаласынан Р.Насуруллаев, Қараөзек районынан Р.Базарбаев ҳәм Қоңырат районынан З.Нуратдиновлар да сыйлы орынларды ийелеп, шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом менен сыйлықланды.
Мағлыўмат ушын, таңлаўдың қалалық ҳәм районлық басқышларына жәми 380 нен аслам талантлылар қатнасқан болса, соннан қырық беси Қарақалпақстан Республикасы басқышына қатнасты.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

        Өзбекстан баспасөз еркинлиги индексинде дүньяның 180 мәмлекетиниң ишинде 148-орынды ийеледи. Республика 2024-жылғы рейтингде де усындай

Өзбекстанда аўыллық жерлерде туўылыўшылық қалаларға салыстырғанда көбирек

Өзбекстанда аўыллық жерлерде туўылыўшылық қалаларға салыстырғанда көбирек

    Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь-февраль айларында, ПҲАЖ уйымларында республика бойынша 135 914 тири