Telegram karinform

Мәденият

  • 19.07.2018 12:33
  • 2252

Нөкисли жас бақсы Россияда өткерилген халықаралық таңлаўда биринши орын жеңимпазы болды

Нөкисли жас бақсы Россияда өткерилген халықаралық таңлаўда биринши орын жеңимпазы болды


Усы жылдың 12-13-июль күнлери аралығында Россия Федерациясының Сочи қаласында 17-19-жастағы көркем өнер ийелери арасында «Море не знает границ» атамасындағы халықаралық таңлаўына Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студенти Муҳаммед Төребеков қатнасып, биринши орын ҳәм «Миллийлигин сақлаған ел» номинациясы бойынша диплом менен сыйлықланды. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы Тәрбия Сейтназарова хабар бермекте.
Халықаралық таңлаўда М.Төребеков фольклор жөнелиси бойынша қатнасып, қарақалпақ халқының ашықлық дәстаны «Ғәрип ашық» дәстанынан үзиндилерди аламойнақ дуўтарда атқарып шықты.
Сондай-ақ, М.Төребеков усы жылдың 10-12-февраль күнлери аралығында Россия Федерациясының Екатеринбург қаласында өткерилген «Краски народов мира в проектах берега надежды» таңлаўына фольклор жөнелиси менен (таңлаўда «Саятхан-Ҳамра» дәстанын атқарып) қатнасып, гран-при жеңимпазы болған еди.
Буннан басқа да, Муҳаммед усы жылдың 4-7-январь күнлери аралығында Қазақстан Республикасының Астана қаласында өткерилген «АRT-PREMIUM» халықаралық таңлаўында жеңимпаз атанып, кубокты қолға киргизип қайтқан еди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...