Telegram karinform

Жәмийет

  • 19.07.2018 21:06
  • 1953

Нөкис қаласындағы 61-санлы жөнелисли таксидиң жолы асфальтланбақта (+фото)

Нөкис қаласындағы 61-санлы жөнелисли таксидиң жолы асфальтланбақта (+фото)

Нөкис қаласындағы 61-санлы жөнелисли таксидиң жолы, ҳәзирги Мәртлик (алдынғы Орақбай Қулымбетов) көшеси асфальтланбақта. Жаңа асфальт узынлығы 1 км, ени 5 метр аралыққа төселиўи режелестирилген болып, жумыс дерлик жуўмақланыў алдында тур. Көшениң алдынғы аҳўалы жүдә жаман еди. Бул жерге жаңа асфальт, көшениң басына светофор сондай-ақ, көшени жақтыландырыўшы шырақлардың кереклиги ҳаққында сайтымыздағы алдынғы мақалаларда жазған едик. Мақала 61-санлы жөнелисли таксидиң тилинен жазылған болып, онда төмендегише қатарлар келтирилген еди:
«Ҳәр сапары мәнзилге жол алғанымда табаным тартпай, зорға ҳәрекетленемен. Тисимди-тисиме қойып шыдайын десем, олар бир-бирине сақыр-сақыр етип тийип, мазамды алады. Бирақ мениң саўлығымды ойлайтуғын адам жоқ. Жолларымныӊ тегис болмағаны аздай, оның үстине көшелер де қап-қараңғы. Балалығымнан түнде жүриўге қорқаман. Қәне, енди жолларымды жақтыландырыўшы нур – шырақлар болғанында өз мәнзилиме мен де, жанымдағылар да қыйналмай жеткен болар едик».
Бул мақалалардың қаншелли тәсири болғанлығын билмедик-тә, бирақ, көше асфальтланып, оның басына таза светофор орнатылды. Жақын арада шырақлардың жолларды жақтыландырып, қаладағы ең сулыў көшелердиң бири болыўына исенемиз. Бундай жаңалықлар усы аймақта жасаўшы халық ушын жаратылған және бир қолайлылық болды. Буннан ҳәмме қуўанышлы.

Нөкис қаласындағы 61-санлы жөнелисли таксидиң жолы асфальтланбақта (+фото)

Көшениң алдынғы аҳўалы

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў