Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.07.2018 11:06
  • 1867

40 жасқа толмаған ең белгили адамлардың дизими жәрияланды



Fortune басылымының 40 жасқа толмаған усы жылдағы ең белгили адамлардың дизиминде 1-орын ийеси Instagram социаллық тармағының тийкарын салыўшылардан бири ҳәм басқарыўшысы, 34 жаслы Кевин Систром ҳәм Facebookтың тийкарын салған 34 жаслы Марк Цукерберг болды.
2-орынды Lyft транспорт компаниясы басқарыўшылары Логан Грин ҳәм Жон Зиммер ийелеген болса, 3-орын Қытайдың Meituan-Dianping интернет-компаниясының тийкарын салыўшы 39 жаслы Ван Синге несип етти. Сондай-ақ, дизимнен Walmart, Dropbox, General Motors, Airbnb, Vimeo, Snap, Glossier, Grab ўәкиллери орын алған. Дизимнен орын алған бирден-бир сиясатшы Жаңа Зеландияның бас ўәзири Жасинда Ардерн болған. Telegramның тийкарын салыўшы Павел Дуров рейтинге биринши мәрте киргизилген ҳәм ол 25-орынды ийелеген.
Өткен жылғы рейтингде 1-орын Франция президенти Эммануэль Макронға берилген еди.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында