Telegram karinform

Спорт

  • 24.07.2018 09:52
  • 2133

Қарақалпақстаннан 11 жас спортшы мүддетинен алдын студент болды

Ҳәр жылы өткерилиўи дәстүрге айланған, спортшы жасларымыз ушын жоқары оқыў орнына кириў ушын имканият жарататуғын Өзбекстан чемпионатларында бир қатар үмитли спортшылар жеңимпаз болып, теңлеслеринен алдын студент болыўға миясар болды.
Оларды атап айтатуғын болсақ, аўыр атлетшилер Шахмердан Кемалов, Базаргүл Рамбергенова, жүзиўден Сабит Оразбаев, гүрес түрлери бойынша Ақтеңге Кеўнимжаева менен Сайёра Жолдасова, гандболшы Азамат Генжебеков, академиялық ескек есиўден Азамат Жиенбаев пенен Сайера Худайбергенова, регби-7 бойынша Ерназар Махамбеткаримов, байдарка ҳәм каноэда ескек есиўден Наргиза Дабылова ҳәм жеңил атлетши Жеткербай Қайпназаровлар мүддетинен бурын тест сынақларысыз студент болыў бахтына еристи. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы Тәрбия Сейтназарова хабар бермекте.

Қарақалпақстаннан 11 жас спортшы мүддетинен алдын студент болды
Қарақалпақстаннан 11 жас спортшы мүддетинен алдын студент болды

Усы мүнәсибет пенен 14-июль күни пайтахтымыздағы Олимпия ҳәм жоқары спорт шеберлиги спорт мектебинде спортшыларға студентлик сертификатларын тапсырыў мәресими болып өтти.

Қарақалпақстаннан 11 жас спортшы мүддетинен алдын студент болды

Онда сөзге шыққанлар елимизде жасларға жаратылып берилип атырған имканиятлар, спортта ерисип атырған жетискенликлер, сондай-ақ, жоқарыда атлары тилге алынған жаслардың әне сондай шараятлардан нәтийжели пайдаланып, студент болыўға ерискени, усындай ийгиликли жумыслардың нәтийжеси екенлигин мақтаныш пенен айтып өтти.

Қарақалпақстаннан 11 жас спортшы мүддетинен алдын студент болды

Буннан соң спортшыларға сертификатлар салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...