Telegram karinform

Жәмийет

  • 24.07.2018 13:43
  • 1898

Туўылғанлық ҳаққындағы гүўалықты туўыў үйиниң өзинде рәсмийлестириў усыныс етилмекте

Туўылғанлық ҳаққындағы гүўалықты туўыў үйиниң өзинде рәсмийлестириў усыныс етилмекте

«Mening fikrim» жәмийетлик мүрәжатлар порталында туўылғанлық ҳаққындағы гүўалықты ПҲАЖда емес, ал туўыў үйиниң өзинде рәсмийлестириў тәртибин енгизиў ҳаққында мүрәжат орналастырылды. Бул ҳаққында Daryo.uz хабар бермекте.
«Ҳәзирги ўақытта туўыў үйлеринде туўылған балаларды дизимге алыў гүўалықларын алыў бирқанша қыйыншылықлар ҳәм аўарагершиликлерди жүзеге келтирмекте. Атап айтқанда, туўылғанлық ҳаққындағы гүўалықты алыў ушын туўыў үйинен тийисли мағлыўматнаманы алып бирқанша жол жүрип, районлық ПҲАЖ бөлимине барыўға туўра келеди. Ол жерде дәрриў туўылғанлық ҳаққындағы гүўалықты алыў қыйын.
Саат 9:00 де жумыс баслайтуғын ПҲАЖ бөлиминде саат 7:00 ден баслап көп адамлар нәўбетте турады. Нәўбет жетип, 3-4 саат дегенде туўылғанлық ҳаққындағы гүўалықты аласыз. Кейин усы гүўалықты туўыў үйине алып барыўға туўра келеди. Болмаса туўыў үйинен жаңа дүньяға келген бала ҳәм анасына үйине кетиў ушын руқсат берилмейди. Сол себепли әмелдеги туўылғанлық ҳаққындағы гүўалықты бериў системасын жетилистириў керек», - деп жазылған мүрәжатта.
Жоқарыдағыларды есапқа ала отырып, туўылғанлық ҳаққындағы гүўалықты ПҲАЖ бөлиминде емес, ал туўыў үйиниң өзинде рәсмийлестириў усыныс етилмекте. Бул усыныстың әмелге асырылыўы пуқараларға көплеген қолайлықлардың жаратылыўына себепши болатуғынлығы айтылмақта.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...