Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.07.2018 15:37
  • 1758

Өзбекстанда дүнья рейтингинде ТОП-1000 ға кирген жоқары оқыў орынларының дипломлары тән алыныўы режелестирилмекте

Өзбекстанда дүнья рейтингинде ТОП-1000 ға кирген жоқары оқыў орынларының дипломлары тән алыныўы режелестирилмекте

Өзбекстанда дипломлар қосымша тест ҳәм имтиханларсыз тастыйықланыўы ушын оқыў орынлары бирнеше талапларға жуўап бериўи керек. Бул ҳаққында Министрлер Кабинети жанындағы билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясының баслығы Улуғбек Тошкентбаев мәлим етти, деп жазады Daryo.uz Sputnik басылымына тийкарланып.
- Егер студент дүнья рейтингинде ТОП-500 ге киретуғын оқыў орны ямаса Өзбекстан менен келисимге қол қойған университетти питкерген болса, имтиханларсыз тастыйықлаўшы дипломға ийе болады, - деди Тошкентбаев.
Оның айтыўына қарағанда, ҳәзирги ўақытта бул шеңберди дүнья рейтингиндеги ТОП-1000 ға шекем кеңейтиў ҳаққындағы усыныс көрип шығылмақта.
Жоқарыдағы талапларға туўра келмейтуғын жағдайда питкериўши дипломды тастыйықлатыў ушын аўызеки имтихан тапсырыўы керек болады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет