Telegram karinform

Сиясат

  • 31.07.2018 12:05
  • 1962

Усы жылдың 6 айында жәми жынаятлардың 30 проценти жаслар тәрепинен исленген



Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жынаятшылықтың ерте алдын алыў бағдарындағы жумысларға бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти.
Онда ишки ислер системасын түп-тийкарынан реформалаў мәселеси додаланды. Алдын барлық хызметкерлердиң 60 проценти қалалық ҳәм районлық басқармаларда, 40 проценти орынларда жумыс алып барған болса, енди 35 проценти уйымларда қалдырылып, 65 проценти халыққа жақын болыўы ушын мәкан пуқаралар жыйынлары жанында ислей баслады. Системаны жетилистириўге байланыслы 80 нен аслам ҳүжжет қабыл етилди.
Жынаятшылыққа қарсы гүресиўде ҳуқықбузарлықлар ҳәм оларды ислеўге бейим шахслардың есабын жүргизиўдиң нәтийжели механизмлерин жүргизиў, ишки ислер министрлигиниң ҳуқықбузарлықлардың бирден-бир есабын жүргизиў, таллаў ҳәм өз-ара информация алмасыўға жуўапкер Информация орайы болса ҳәрекетсиз орынға айланып қалғанлығы, буған шек қойыў ушын Информация орайын Бас прокуратураның қурамына өткериў мақсетке муўапық екенлиги айтып өтилди.
Мағлыўматларға қарағанда, 2017-жылы жынаятлар 2016-жылға салыстырғанда 16 процентке, усы жылдың 6 айында болса өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 39 процентке кемейген. Бирақ, қастан адам өлтириў, аўыр дене жарақатын жеткериў, тонаўшылық, басқыншылық, урлық ҳәм алдаўшылық жынаятларының саны елеге шекем жоқары болып қалмақта.
Мәжилисте жаслар арасында жынаятшылық кемеймей атырғанына байланыслы мәселе көрип шығылды. Усы жылдың 6 айында елимизде атап өтилген жәми жынаятлардың 30 процентинде жаслардың қолы бар екенлиги атап өтилди. Буның себеби жаслар бир идея, бир мақсет жолында бирлеспей атырғанын, тәлим-тәрбия ҳәм бәнтликти тәмийинлеўде көплеген системалы машқалалар шешилмей атырғанынан болып табылады.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында