
Дүнья жүзи бойынша жоқары абырайға ийе болған (инфак-факторы жоқары баллға ийе) илимий журналларда кеминде 12 мақала (гуманитар бағдардағы илимлер ушын 8 мақала) жәриялаўға ерискен илимпазлар илим докторы дәрежесин тиккелей алыўы мүмкин. Ал PhD дәрежесине ийе болыў ушын 6 мақала (гуманитар бағдардағы илимлер ушын 4 мақала) жәриялаў керек болады. Бул ҳаққында 9-август күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекистан Республикасы Илим ҳәм технологиялар агентлиги ҳәм Жоқары аттестациялық комиссия ўәкиллери менен болған ушырасыўда айтып өтилди.
Ислам Матеков.