
Усы жылдың 20-29 июль күнлери Францияда өткерилген «Дүнья мәденияты – Ганна -2018» атамағындағы дүнья мәденияты фестивалында Өзбекстанлы өнерментлер әўметли қатнасып қайтты.
ЮНЕСКО халық аралық шөлкеми тәрепинен 45-мәрте шөлкемлестирилген усы фестиваль Францияда өткерилип атырған Өзбекстан мәденияты күнлерине туўры келди.
Илаж даўамында шөлкемлестирилген миллий липаслар көргизбеси, музыка, үрп-әдет ҳәм дәстүрлер ҳәм өзбек тағамларының ҳәр түрлилиги фестиваль қатнасыўшыларында үлкен қызығыўшылық оятты. Әсиресе, «Өнермент» шөлкеми тәрепинен халық әмелий көркем өнери, ағаш усташылығы, кашта, миниатюра, миллий липаслар ҳәм гүлалшылық өнимлери, сондай-ақ, қатнасыўшылар тәрепинен орынланған аяқ ойын шет еллилерди таң қалдырды.
Сахибжамал Есемуратова