Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.08.2018 14:35
  • 2115

Тесттиң биринши күни: 179 абитуриент тесттен алдын, 76 абитуриент тест ўақтында телефон ҳәм шпаргалкалар менен усланды

Тесттиң биринши күни: 179 абитуриент тесттен алдын, 76 абитуриент тест ўақтында телефон ҳәм шпаргалкалар менен усланды

Тесттиң биринши күни – 1-августтың жуўмақларына қарағанда, тестке Өзбекстан бойынша 23 жоқары оқыў орнының 154 тәлим бағдарында 58 мың 985 абитуриент қатнасқан.
1393 абитуриент ҳәр қыйлы себеплер менен тест сынақларына қатнаспаған.
Тест сынақларының тәртип-қағыйдаларын бузғаны ушын 255 абитуриент, соның ишинде 179 абитурент тест өткерилетуғын орынға кириў орнында уялы телефон, шпаргалкалар алып кириўге ҳәрекет еткенлиги ушын, 76 абитуриент тест орнында шпаргалкадан пайдаланыўға ҳәрекет еткенлиги ушын тест сынақларынан шетлетилди.
Тест сынақларын өткериўге билимлендириў мәкемелеринен 2 мың 469 топар қадағалаўшылары қатнасыўы белгиленген еди, соннан 35 қадағалаўшы қатнаспады, - деп жазылған Мәмлекетлик тест орайының рәсмий сайтында.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған