Telegram karinform

Мәденият

  • 23.08.2018 16:16
  • 2162

Нөкисте болып өтетуғын Ғәрезсизлик байрам тамашаларынан нелер орын алған?

Нөкисте болып өтетуғын Ғәрезсизлик байрам тамашаларынан нелер орын алған?

Пайтахтымыздағы Ашық театрда «Әзиз ҳәм жалғызымсаң, жанажан Өзбекстаным!» сүрени астында өткерилетуғын театрластырылған әдебий музыкалы-хореографиялық байрам салтанатына таярлық жумыслары қызғын алып барылмақта. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы Тәрбия Сейтназарова хабар бермекте.
Байрам тамашаларында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен артистлердиң атқарыўында «Хош келдиңиз, қарақалпақ елине» «Өзбекстан», «Азат ҳәм абат журтым», «Ана топырағым», «Қарақалпақта» ҳәм басқа да қосықлар менен аяқ ойынлар атқарылады.
Елимизде балалардың бахытлы келешеги ушын барлық шараятлар жаратылмақта. Байрам бағдарламасынан орын алған «Бахытлы балалық» композициясында «Ғәрезсизлик», «Ўатан» ҳаққындағы қосықларды пайтахтымыздағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери оқыўшыларының атқарыўында рәңбәрең аяқ ойынлар, балалық, шоқлық ҳәрекетлери менен көрсетилген байрам тамашасы көрсетиледи.
Сондай-ақ, байрам тамашасында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры актёрларының атқарыўында тарийхый тулғалар: Аль Беруний, Аль Хорезмий, Ибн Сина, Әмир Темур, Әлийшер Наўайы, Бердақ, Әжинияз образында актёрлар шығып, монолог ҳәм қосықлар атқарылады.
Байрам бағдарламасынан спорттың гүрес, гимнастика, футбол, волейбол, каратэ, таэквандо ҳәм тағы басқа спорт түрлери менен шуғылланатуғын жаслардың шынығыўлары орын алған.
Республикамызда түрли миллет ўәкиллери беккем аўызбиршиликте жасап келмекте. Байрам бағдарламасында корейс, қазақ, рус, түркмен халықларының миллий қосық ҳәм аяқ ойынлары шеберлик пенен атқарылады.
Солай етип, байрам тамашасында республикамыздың көркем өнер шеберлери ҳәм эстрада жулдызлары, сондай-ақ, Ташкент қаласынан келетуғын Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артистлери, Өзбекстанға хызмет көрсеткен артистлердиң атқарыўындағы қосықлар менен аяқ ойынлардың атқарылыўы күтилмекте.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған