Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.08.2018 17:29
  • 1815

ҚМУ қурамындағы «Репрессия қурбанларын еслеў музейи»ниң ашылыў салтанаты болып өтти

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәлимлеме-ресурс орайы алдында Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 27 жыллық байрамы мүнәсибети менен университет қурамындағы «Репрессия қурбанларын еслеў музейи»ниң салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти. Бул ҳаққында университет баспасөз хызмети хабар бермекте.

ҚМУ қурамындағы «Репрессия қурбанларын еслеў музейи»ниң ашылыў салтанаты болып өтти

Салтанатлы мәресимди университет ректоры Ахмед Реймов кирис сөз бенен ашты ҳәм алып барды.
Ашылыў салтанатына Нөкис қаласы ҳәкимилиги, Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақтан бөлими Гуманитар илимлер институты басшылары ҳәм репрессия қурбанлары әўладлары, жәмәәтшилик ўәкиллери, университет профессор-оқытыўшылары қатнасты.

ҚМУ қурамындағы «Репрессия қурбанларын еслеў музейи»ниң ашылыў салтанаты болып өтти
ҚМУ қурамындағы «Репрессия қурбанларын еслеў музейи»ниң ашылыў салтанаты болып өтти

Музейдиң салтанатлы ашылыўы мүнәсибети менен қутлықлаў ушын Нөкис қаласы ҳәкими ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы П.Төрешов, «Нураный» қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Ш.Уснатдинов, ӨзРИА ҚҚБ Гуманитар пәнлер илим изертлеў институты директоры орынбасары М.Қарлыбаев, Қарақалпақстан Республикасы жазыўшылары аўқамы баслығы, Өзбекстан халық шайыры К.Кәримов сөзге шығып музей шөлкемлестирилиўиниң әҳмийети ҳәм оның турмысымызда, тарийхымызда тутқан орны ҳаққында айтып өтти.

ҚМУ қурамындағы «Репрессия қурбанларын еслеў музейи»ниң ашылыў салтанаты болып өтти
ҚМУ қурамындағы «Репрессия қурбанларын еслеў музейи»ниң ашылыў салтанаты болып өтти

Илаж қатнасыўшылары музейди салтанатлы түрде ашыў ушын лента кесиў мәресиминен соң музей экспозициялары менен танысты.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында