Telegram karinform

Экономика

  • 04.09.2018 18:48
  • 2220

Өзбекстан пахта талшығын экспорт етиўден ўаз кешеди. Мүддет анық

Өзбекстан пахта талшығын экспорт етиўден ўаз кешеди. Мүддет анық

Өзбекстан 2025-жылға барып пахта талшығын экспорт етиўден ўаз кешиў ҳәм ишки базарда толық қайта ислеўди тәмийинлеўди жобаластырмақта. Бул ҳаққында «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясының стратегиялық прогнозлаў департаменти баслығы Дилбар Муҳаммедова мәлим етти, деп жазады Daryo.uz.
- Алдымызға 2025-жылға барып пахта талшығы экспортын толық тоқтатып, мәмлекетимиз ишинде қайта ислеў ўазыйпасы қойылғын. Бул ўақытқа барып экспорт көлеми 4,7 есеге артып, 7,1 миллиард долларға шекем жетиўи күтилмекте. Усы жылы болса тармақлық кәрханалар 520 мың тонна пахта талшығын қайта ислеўи мүмкин, - дейди Д.Муҳаммедова.
Мағлыўмат ушын, Өзбекстанда ҳәр жылы 3,5 миллион тонна пахта шийки заты ҳәм 1-1,2 миллион тонна пахта талшығы ислеп шығырылады. Талшықтың 50 процентке шамаласы экспортқа жибериледи.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Уқсас жаңалықлар

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

        Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт

Хусановтың трансфер баҳасы жаңаланды

Хусановтың трансфер баҳасы жаңаланды

        Өзбекстан миллий сайланды командасы ҳәм «Манчестер Сити» клубы қорғаўшысы Абдуқодир Ҳусановтың баҳасы 35 миллион евроға