Telegram karinform

Экономика

  • 05.09.2018 16:33
  • 2164

Пахта тергенлерге ҳақы төлеў ушын 246 млрд сумнан аслам қаржы ажыратылады. 1 кг пахта ушын неше сумнан төленеди?

Пахта тергенлерге ҳақы төлеў ушын 246 млрд сумнан аслам қаржы ажыратылады. 1 кг пахта ушын неше сумнан төленеди?

Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов 5-сентябрь күни Министрлер Кабинетинде өткен видеоселектор жыйналысында пахта терими кампаниясында 1 кг «ақ алтын» ушын төленетуғын ҳақы муғдарын мәлим етти. Бул ҳаққында Kun.uz хабар бермекте.
Онда жазылыўынша, пахта шийки заты машинада терилгенде, бир тоннасы ушын 400 мың сум, қолда терилген бир килограмм пахта ушын 650 сумнан 1000 сумға шекем ҳақы төлениўи белгиленди.
Бунда теримшилер биринши басқышта контрактациялық шәртнамасы 60 процентке шекем орынланғанға шекем 1 кг пахта шийки затын тергенде 650 сум, екинши басқышта – 60 проценттен 80 процентке шекем 850 сум, үшинши басқышта – 80 проценттен артқанда 1000 сумнан мийнет ҳақы төлеў белгиленди.
Сондай-ақ, халық аз болған аймақлар ушын айрықша тәртип белгиленип, Жиззақ, Сырдәрья, Ташкент ўәлаятларының барлық районларында, сондай-ақ, Қашқадәрья ўәлаятының Косон, Муборак, Нишон ҳәм Касби, Сурхандәрья ўәлаятының Қизириқ ҳәм Музработ районларында қолда терилген бир килограмм пахта ушын қосымша 150 сум, азық-аўқат қәрежетлерине 150 сум, жәми 300 сум үстеме ҳақы төлениўи айтылды. Мәселен, пахта терими мәўсиминиң биринши басқышында теримшилер жоқарыда атап өтилген аймақларда 1 кг пахта ушын 950 сум ҳақы алыўы нәзерде тутылған.
Бул қаржылар Қаржы министрлиги жанындағы аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қоры тәрепинен тәмийинленеди. Усы мақсетте қордан 246 млрд 404 млн сум ажыратылыўы жобаластырылмақта.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған