Telegram karinform

Спорт

  • 14.08.2017 10:51
  • 2199

Карьерасындағы соңғы беллесиўде Усейн Болт финишқа жете алмады (видео)



Ямайкалы белгили атлет Усейн Болт өз карьерасындағы соңғы беллесиўди сәтсиз жуўмақлады. Лондонда болып атырған жәҳән чемпионатында спортшы командалық эстафетада финишқа жете алмады. Сегиз мәрте Олимпиада чемпионы эстафетада төртинши болып жуўырып, финиш сызығын кесип өтиўи керек еди. Бирақ, Усейн бирден тоқтап, жарысты даўам еттире алмады. Мағлыўматларға қарағанда, оның булшық етлери тартылып қалған.
Усейн Болт Лондондағы жәҳән чемпионатынан соң өз карьерасын тоқтатыўы ҳаққында айтып өткен. Ямайкалы спортшы сегиз мәрте Олимпиада чемпионы болып ғана қалмай, он бир мәрте жәҳән чемпионы болған. Сегиз мәрте дүнья рекордын жаңалаған. 100 ҳәм 200 метрге жуўырыўда ең күшли спортшы деп тән алынған.



Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды

    ​Миллий статистика комитетиниң берген мағлыўматларына муўапық, интернет пайдаланыўшылары саны дерлик 94%ке жеткенлигин көриўимиз мүмкин. Жоқарыдағы

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

        Жасалма интеллект технологияларының раўажланыўы себепли көплеген кәсиплер жоқ болып кетеди. Бул мәселеге Microsoft компаниясының тийкарын

Наўрыз байрамы ушын қосымша дем алыс күнлери берилмейди ме?

Наўрыз байрамы ушын қосымша дем алыс күнлери берилмейди ме?

    Наўрыз байрамы ушын қосымша дем алыс күнлери берилмейди ме? Ҳәзирше Наўрыз байрамына қосымша дем алыс