Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.09.2018 09:03
  • 4663

Қарақалпақ археология илиминиң жулдызы Ғайратдин Хожаниязовтың 70 жыллығына бағышланған конференция болып өтти

Қарақалпақ археология илиминиң жулдызы Ғайратдин Хожаниязовтың 70 жыллығына бағышланған конференция болып өтти
6-сентябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясының Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар илимий изертлеў институты археология бөлиминиң баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы, тарийх илимлериниң кандидаты Ғайратдин Хожаниязовтың туўылғанына 70 жыл толыўы мүнәсибети менен илимий конференция болып өтти.

Қарақалпақ археология илиминиң жулдызы Ғайратдин Хожаниязовтың 70 жыллығына бағышланған конференция болып өтти
Қарақалпақ археология илиминиң жулдызы Ғайратдин Хожаниязовтың 70 жыллығына бағышланған конференция болып өтти
Қарақалпақ археология илиминиң жулдызы Ғайратдин Хожаниязовтың 70 жыллығына бағышланған конференция болып өтти
Конференцияны институт ректоры Байрам Отемуратов ашты ҳәм алып барды. Ректор Б.Отемуратов илимпаз, устаз Ғ.Хожаниязовты юбилей сәнеси менен қутлықлап, оған беккем денсаўлық, жумысларында табыс тиледи ҳәм институттың «Ҳүрметли профессоры» атағын, сондай-ақ, саўғаларды салтанатлы жағдайда тапсырды.

Қарақалпақ археология илиминиң жулдызы Ғайратдин Хожаниязовтың 70 жыллығына бағышланған конференция болып өтти
Қарақалпақ археология илиминиң жулдызы Ғайратдин Хожаниязовтың 70 жыллығына бағышланған конференция болып өтти
Конференцияда тарийх илимлериниң докторы, профессор Муҳаммедшерип Қыдырниязов «Арал бойы археологиясын изертлеўде Өзбекстан Қаҳарманы, археолог Ғ.Хожаниязовтың өмир мәўритлери ҳәм илимий хызметлери» атамасында, тарийх илимлериниң кандидаты, профессор Мақсет Тилеўмуратов «Ғ.Хожаниязов – Қарақалпақстан мәденияты тарийхын изертлеўши алым» атамасында баянат жасады.

Қарақалпақ археология илиминиң жулдызы Ғайратдин Хожаниязовтың 70 жыллығына бағышланған конференция болып өтти
Атап өтилгениндей, археолог Ғ.Хожаниязов 1980-жыллардан баслап өз алдына Арқа қарақалпақ, Қубла қарақалпақ, Қызыл қала, Жампық қала, Миздақхан археологиялық экспедицияларын шөлкемлестирди ҳәм оларға басшылық етти. ЮНЕСКОның 1989-1991-жыллардағы «Уллы Жипек жолы – диалог жолы» халықаралық экспедициясында Хийўа, Хожели, Шымбай қалаларының жасын анықлаў бойынша илимий изертлеў жумысларына белсене қатнасты. Ол 1995-жылдан ҳәзирги күнге шекем даўам етип киятырған «Қарақалпақстан – Австралия» халықаралық археологиялық экспедициясының тийкарғы атқарыўшыларының бири болып табылады. Быйылғы жылдан баслап АҚШтың Предью, Бостон ҳәм Калифорния университетлериниң археологлары менен Қыят оазиси естеликлеринде изертлеў жумысларын алып бармақта.

Қарақалпақ археология илиминиң жулдызы Ғайратдин Хожаниязовтың 70 жыллығына бағышланған конференция болып өтти
Илимпаз Ғ.Хожаниязов басшылығында әййемги ҳәм орта әсир Арал бойы аймақларындағы Ақшүңгил, Ақшахан қаланың узын дийўалы, Дәли қала, Миздақхандағы Сулайман Хаддадий Мусавий комплекси – Ақ ханако, Қырантаў зардуштийлик некрополы, Кетменши баба, Порлытаў минарасы сыяқлы бирнеше жаңа археологиялық объектлер ашылды ҳәм изертлеў жумыслары жүргизилмекте.

Қарақалпақ археология илиминиң жулдызы Ғайратдин Хожаниязовтың 70 жыллығына бағышланған конференция болып өтти
Сондай-ақ, тиккелей оның қатнасыўында қарақалпақ халқының әдиўли перзентлери Жийен жыраў, Әжинияз, Өтеш, Мурат шайх, Ережеп бий, Аға баба Қулшы улы ҳәм басқа да тарийхый тулғалардың жерленген орынлары анықланды ҳәм атлары мәңгилестирилди.

Қарақалпақ археология илиминиң жулдызы Ғайратдин Хожаниязовтың 70 жыллығына бағышланған конференция болып өтти
Қарақалпақ археология илиминиң жулдызы Ғайратдин Хожаниязовтың 70 жыллығына бағышланған конференция болып өтти
Қарақалпақ археология илиминиң жулдызы Ғайратдин Хожаниязовтың 70 жыллығына бағышланған конференция болып өтти
Қарақалпақ археология илиминиң жулдызы Ғайратдин Хожаниязовтың 70 жыллығына бағышланған конференция болып өтти
Конференцияда Қарақалпақстан Республикасының белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлери Қәллибек Камалов, Үббинияз Әширбеков, академик Жуманазар Базарбаев, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы баслығы Кеңесбай Кәримов ҳәм басқа да көплеген жәмийет алдынғылары, жазыўшы ҳәм шайырлар сөзге шығып, юбилей жасын белгилеп атырған илимпаз Ғ.Хожаниязовға узақ өмир, илим жолында талмас күш-жигер, жумысларында табыслар тиледи.

Қарақалпақ археология илиминиң жулдызы Ғайратдин Хожаниязовтың 70 жыллығына бағышланған конференция болып өтти
Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер Қ.Камалов илимпаздың қарақалпақ илиминдеги гиреўли орны ҳаққында айта келип, «Ғайратдин – қарақалпақ археология илиминиң жулдызы» екенлигин, Ү.Әширбеков тарийхшы илимпазлар көп екенлиги, бирақ Ғ.Хожаниязовтай болып көп жыллар даўамында өз кәсибине шын ықлас қойған, илим пидайылары санаўлы екенлигин, ал академик Ж.Базарбаев болса институт тарийхында «Ҳүрметли профессор» атағының Ибрайым Юсупов, Төлепберген Қайыпбергеновлар сыяқлы белгили тулғалар менен бирге Ғ.Хожаниязовқа да несип еткени үлкен қуўаныш болғаны, оның археология илиминдеги пидайылығы нәтийжесинде Қарақалпақстан топырағы астында сақланып жатырған неше мың жыллық тарийхқа сырт елли илимпазлардың да қызығып, изертлеў жумысларында қатнасып атырғанын мақтаныш пенен тилге алды. Жазыўшы К.Кәримов болса қарақалпақ әдебиятында тарийхый шығармаларды дөретиўде археологтың мийнетлеринен илимий дәрек сыпатында пайдаланып атырғанын билдирип, оның илими әдебиятымыздың раўажланыўына да үлкен үлес қосып атырғанын айтып өтти.

Қарақалпақ археология илиминиң жулдызы Ғайратдин Хожаниязовтың 70 жыллығына бағышланған конференция болып өтти
Конференция жуўмағында юбилей ийеси, илимпаз Ғ.Хожаниязов сөзге шығып, өз мийнетлериниң жоқары дәрежеде баҳаланып атырғанынан қуўанышлы екенлигин ҳәм конференцияда шығып сөйлеген, қатнасқанларға шексиз миннетдаршылық билдирди.
Мағлыўмат сыпатында атап өтиў керек, археолог Ғайратдин Хожаниязовтың мийнетлери ҳүкиметимиз тәрепинен жоқары баҳаланып, 2003-жылы «Меҳнат шуҳрати» ордени менен сыйлықланған болса, 2008-жылы «Өзбекстан Қаҳарманы» мәмлекетлик атағы берилди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында