Telegram karinform

Спорт

  • 14.08.2017 16:10
  • 2291

Криштиану Рональду узақ мүддетке ойынлардан шетлетилиўи мүмкин



Мадридтиң «Реал» клубының ҳүжимшиси Криштиану Рональду «Барселона»ға қарсы ойында (3:1) қызыл карточкаға ылайықлы деп табылды. Ойында төрешилик еткен Рикардо Де Бургос Бенгоэчеа Рональдуге голды байрамлап атырған ўақытта футболкасын шешкени ҳәм қарсыласының жәрийма майданшасында симуляция еткени ушын еки мәрте сары карточка көрсетти. Екинши сары карточка көрсетилген ўақытта өзин тутып тура алмаған Рональду төрешини түртип жиберди. Мағлыўматларға қарағанда, Испания футбол федерациясы португалиялы футболшыны спортшыларға жараспайтуғын ҳәрекетлери ушын узақ мүддетке ойынлардан шетлетиўи мүмкин. Дисквалификация мүддети 4 ойыннан 12 ойынға шекем болыўы мүмкин. Бирақ, оның алдағы болатуғын 4 ойын, яғный: «Барселона»ға қарсы жуўап ойыны ҳәм Испания Ла Лигасының «Депортиво», «Валенсия», «Леванте»ге қарсы ушырасыўларында командасына жәрдем бере алмайтуғыны анық болып турыпты.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...