Telegram karinform

Спорт

  • 18.09.2018 11:43
  • 1827

Қазақстанлы Головкинди жеңген Канелодан екинши мәрте допинг табылғаны рас па?

Қазақстанлы Головкинди жеңген Канелодан екинши мәрте допинг табылғаны рас па?
Қазақстан профессионал бокс федерациясы Сауль Альварес Канелоның допинг қабыллағаны ҳаққындағы хабарларды бийкарламақта, деп хабар бермекте ҚазАқпарат.
Май айында үшинши жекпе-жек өткериў ҳаққында да ҳеш қандай келисим болмаған.
- Канелоның екинши мәрте допинг қабыллағаны ҳаққындағы хабарлар тийкарсыз. Бундай мағлыўмат ҳеш жерде жәрияланбады. Май айында үшинши жекпе-жек өткериў ҳаққындағы хабарлар да тастыйықланбаған. Бул ҳаққында «Golden Boy» промоутерлери менен Головкинниң промоутери Том Леффлер рәсмий түрде хабар бериўи керек. Егер олар бул ҳаққында сөйлескенинде, бизге хабар жетип келген болар еди. Ҳәзирше ҳеш қандай хабар жоқ. Үшинши жекпе-жек ҳаққында ҳеш ким ҳеш қандай келисимге ерискени жоқ, - дейди Қазақстан профессионал бокс федерациясы вице-президенти Виктор Демьяненко.
Оның айтыўынша, соққыларды есапқа алатуғын компьютер қурылмасының есабы рәсмий мағлыўмат болып есапланбайды.
- Бул сапары Головкин ақырына шекем гүреспеди. Оның бундай боксласыўы төрешилердиң Канелоның пайдасына шешим қабыллаўына жеткиликли болды. Ал компьютер қурылмасының есабы рәсмий мағлыўмат бола алмайды. Жекпе-жекти бақлап отырған төрешилер ҳәр бир раундты жақсы баҳалады. Буны енди ҳеш ким өзгерте алмайды, - деп айтып өткен Демьяненко.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

        Өзбекстан баспасөз еркинлиги индексинде дүньяның 180 мәмлекетиниң ишинде 148-орынды ийеледи. Республика 2024-жылғы рейтингде де усындай

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити