Telegram karinform

Спорт

  • 22.09.2018 14:35
  • 1828

Экс боксшы Владимир Кличко енди Гарвард университетинде студентлерге лекция оқыйды

Экс боксшы Владимир Кличко енди Гарвард университетинде студентлерге лекция оқыйды
Бул ҳаққында Владимирдиң ағасы, Киев мэри Виталий Кличко хабар берген. Виталийдиң айтыўынша, Владимир сиясат пенен шуғылланбайды. Ол белгили Гарвард университетинде студентлерге лекция оқыйды. Владимир төрт жылдан берли Швейцариядағы Санкт-Галлен университетинде студентлерге сабақ берип келген, - дейди Виталий. Гарвард университетиндегилер Владимирдиң лекцияларын еситип, оны жумысқа мирәт еткен. Владимир де бул усынысты қабыл еткен.
Мағлыўмат орнында, ағалы-инили Кличколар узақ ўақыт жәҳән чемпионлығын өзлеринде сақлап келген. Бирақ, ўақыт төреши. Дәслеп Виталий профессионал бокстан кетип, өзин сиясатта сынап көрди. Нәтийже жаман емес – ҳәзирде Украина пайтахты Киев қаласының мэри сыпатында өз жумысын алып бармақта. Ал Владимир болса келешекте белгили профессорлар қатарына қосылыўы мүмкин.

Нурлыбек Жамалов таярлады.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Уқсас жаңалықлар

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

    ️Енди жоқары курслардағы өзлестириўи жақсы ҳәм социаллық белсенди студентлер толық ямаса белгили бир бөлеги муғдарында

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

    Пенсия қоры Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек екенлиги ҳаққында усыныслар

Өзлестириў көрсеткишине қарап студентлерге грантларды қайта бөлистириў тәртиби тастыйықланды

Өзлестириў көрсеткишине қарап студентлерге грантларды қайта бөлистириў тәртиби тастыйықланды

    Ҳүкимет қарары менен Жоқары билимлендириў шөлкемлеринде студентлерге грантларды бериў ҳәм қайта бөлистириў тәртиби ҳаққындағы реже