Telegram karinform

Мәденият

  • 24.09.2018 16:40
  • 1861

Франциялы белгили продюсер жаңа ҳүжжетли фильмин Қарақалпақстанда сүўретке алмақшы

Франциялы белгили продюсер жаңа ҳүжжетли фильмин Қарақалпақстанда сүўретке алмақшы
Франциядағы «Cinedoc films» кинокомпаниясының директоры, кинопродюсер Кристиан Лелонг өзиниң жаңа ҳүжжетли фильмин сүўретке алыў ушын Қарақалпақстанға келди. Бул ҳаққында Турон24 агентлиги хабар бермекте.
- Әмиўдәрьяның жағасында жасайтуғын инсанлар тәғдири ҳәм турмыс тәризи фильмниң сюжетин қурайды, - дейди Кристиан Лелонг. – Жергиликли халықтың дәрьядағы кәсиби, сондай-ақ, дийқаншылық ҳәм шарўашылық тараўларын да сүўретке аламыз. Фильмди ҳәзирше «Дәрья адамлары» деп атадық. Бул теманы сайлағанымыздың себеби инсан тәғдири бәрқулла дәрьялар менен байланыслы болған. Орайлық Азиядағы дәрьялар тарийхы менен бирге, дәрья жағасындағы адамлардың турмыс тәризи, күнделикли шынығыўлары тек ғана мен ушын емес, ал басқа аймақларда жасайтуғын тамашагөйлер ушын да қызықлы болады.
Франциялы продюсердиң айтыўынша, ҳүжжетли фильм көп ўақытты талап етеди. Ҳүжжетли фильмди сүўретке алыўда «Өзбектелефильм» ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы жақыннан жәрдем бермекте.
Мағлыўмат ушын, Кристиан Лелонг жүзге шамалас мәмлекетлерде сүўретке алынған фильмлерге продюсерлик еткен.

Аўдарма: Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған