Telegram karinform

Сиясат

  • 05.10.2018 12:59
  • 355

Жоқарғы Кеңес Баслығы Казань қаласында Татарстан Республикасы Президенти менен ушырасты

Жоқарғы Кеңес Баслығы Казань қаласында Татарстан Республикасы Президенти менен ушырасты
Усы жылдың 25-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы Муса Ерниязов Казань қаласында Татарстан Республикасы Президенти Рустам Минниханов пенен ушырасты.
Татарстан Республикасы Президенти Казаньға келген Қарақалпақстан делегациясына миннетдаршылық билдирди.
- Биз Россия-Өзбекстан қатнасықларында Өзбекстан менен байланысларды раўажландырыўға бәрқулла айрықша итибар қаратып келгенбиз. Биз өз ара мәплерге тийкарланған байланысларды кеңейтиўден қуўанышлымыз, - деп атап өтти Рустам Минниханов.
Ушырасыўда саўда-экономикалық, мәдений қатнасықлар ҳәм туризм, сондай-ақ, билимлендириў тараўында бирге ислесиўди еле де раўажландырыў мәселелери додаланды.
Татарстан Республикасы Президенти мәмлекетимиздиң нефть ҳәм газ санаатының мүмкиншиликлерин жоқары баҳалады. Және парламентлер аралық бирге ислесиўди жетилистириўден мәпдар екенлигин билдирди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы Казань қаласында Татарстан Республикасы Президенти менен ушырасты
Өз гезегинде, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы Муса Ерниязов Татарстанның экономикалық потенциалы ҳаққында айта келип, бул жерде қала экономикасының тутқан ролине ҳәм исбилерменлер ушын жаратылған имканиятларға айрықша баҳа берди. Нөкис ҳәм Казань қалалары туўысқан қалалар екенлигин атап өтти.
Ушырасыўда Рустам Минниханов Муса Ерниязовты 2019-жылы Казань қаласында өткерилетуғын «Россия-ислам дүньясы: Kazan Summit» атамасындағы халықаралық саммитте қатнасыўға мирәт етти.
Мағлыўмат ушын айтып өтиў керек, Өзбекстан ҳәм Татарстан арасында көп бағдарлы бирге ислесиўлердиң тарийхы узақ жылларға барып тақалады.
1992-жыл июль айында Өзбекстанда Татарстанның турақлы ўәкилханасы ашылған болса, 1993-жыл еки мәмлекет ҳүкиметлери арасында саўда-экономикалық, илимий-техникалық ҳәм мәдений тараўларда бирге ислесиў бойынша келисимге қол қойылды.
Өткен жылы Өзбекстан ҳәм Татарстан арасындағы сыртқы саўда айланысы 92,7 миллион АҚШ долларын қурады. Бул көрсеткиш 2016-жылға салыстырғанда 1,8 есеге көбейди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған