
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты математика-информатика ҳәм физика-мийнет факультетлеринде «Жаслар спорт ҳәптелиги» шеңберинде спорт ҳәм саламатлық илажлары даўам етпекте.


Бүгин де барлық сабақлар азанғы жеңил дене шынықтырыўлары менен басланды. Түстен кейинги мезгилде студентлер арасында спорттың мини футбол, баскетбол, волейбол ҳәм жеңил атлектика түрлери бойынша топарлар арасында факультет бириншилиги өткерилди.

Өткерилген спорт жарысларында 250 ге шамалас студентлер белсене қатнасты.
Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz