Telegram karinform

Спорт

  • 09.10.2018 10:32
  • 1943

Хош хабар! Қарақалпақстанлы дзюдошы Аргентина олимпиадасының бронза медалын жеңип алды

Хош хабар! Қарақалпақстанлы дзюдошы Аргентина олимпиадасының бронза медалын жеңип алды
Алдын хабар бергенимиздей, Аргентина пайтахты Буэнос-Айрес қаласында III жас өспиримлер жазғы Олимпиадасы өткерилмекте.
Олимпиада ойынларында Өзбекстан делегациясы қурамында 2 қарақалпақстанлы спортшы қатнасып атырғаны ҳаққында да алдын хабарлаған едик.
Хош хабар! Қарақалпақстанлы дзюдошы Аргентина олимпиадасының бронза медалын жеңип алды
Бүгинги күн хош хабар менен басланды. Спорттың дзюдо түри бойынша Олимпиада ойынларына қатнасып атырған жерлесимиз Нилюфар Ермағамбетова жас өспиримлер жазғы Олимпиадасының бронза медалын жеңип алды.
Хош хабар! Қарақалпақстанлы дзюдошы Аргентина олимпиадасының бронза медалын жеңип алды

Жерлесимиз дәслепки жекпе-жегинде панамалы қарсыласын жеңген болса, ярым финалда монголиялы спортшыдан жеңилип қалды. Бронза медалы ушын болған гүресте палўан қызымыз Пуэрто-Рико спортшысы Сеири Колонды жеңип, бронза медалы жеңимпазына айланды.
Мағлыўмат ушын айтып өтиў керек, бул Өзбекстан делегациясының Аргентина жас өспиримлер олимпиадасында қолға киргизген екинши медалы болды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет