Telegram karinform

Спорт

  • 09.10.2018 16:03
  • 1747

Ҳабиб Нурмагомедовты Дағыстанда қалай күтип алды? (видео)

8-октябрь күни Дағыстан пайтахты Махачкала қаласында жайласқан «Анжи-Арена» стадионында UFC абсолют чемпионы, Ҳабиб Нурмагомедты күтип алыў салтанаты болып өтти.
Чемпионды күтип алыўға 15 мыңға шамалас адамлар келди. Махачкала аэропортында Ҳабибти күтип алыўға «Дағыстан» қосық ҳәм аяқ-ойын ансамбли шықты. Буннан соң спортшының кортежи «Анжи-Арена»ға қарай жол алды. Спортшының қәўипсизлигин 200 ге шамалас полиция хызметлери тәмийинледи.
Стадионда сөзге шыққан Ҳабиб өз ықласбентлерине түни менен уйқыламастан оны қоллап-қуўатлағаны ушын миннетдаршылық билдирди.



- Мен өз халқымның, ана Дағыстанымның қоллап-қуўатлаўын ҳәр мәўритте сезип турдым. Кеш болыўына қарамастан усы жерге жыйналғаныңыз ушын сизлерден миннетдарман. Ҳәзир мен ушын бул жерден кетиў де орынсыз, - деди Нурмагомедов.
Мағлыўмат ушын, 6 октябрь күни Ҳабиб Лас-Вегаста болып өткен турнирде Коннор МакГрегордың үстинен тарийхый жеңиске ерискен еди. Бул жекпе-жек ҳәр қыйлы себеплерге бола бир неше мәрте қалдырылған еди. Жекпе-жек алдынан ҒХҚларда көплеген провокациялық хабарлар пайда болған ҳәм Ҳабиб оларға жуўап берместен – ҳәммеси 6-октябрь күни октагонда шешилетуғынлығын билдирген еди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы