Telegram karinform

Мәденият

  • 13.10.2018 16:48
  • 2226

Саяхатшылар дүньяның ең жақсы музейи атын жәриялады

Саяхатшылар дүньяның ең жақсы музейи атын жәриялады
Көпшилик саяхатшылардың пикирине бола, дүньядағы ең жақсы музей Париж қаласындағы Орсе музейи болды. Бул ҳаққында РИА Новости хабар берди.
Бир жыл ишинде бул музей еки бағана жоқары көтерилген ҳәм Нью-Йорктағы еки бәсекилеси – Метрополитен (үшинши орын) ҳәм 2001-жыл 11-сентябрь теракты қурбанлары естелигине арналған Миллий мемориал 9/11 музейинен (екинши орын) озып кеткен.
Төртинши орынды Лондондағы Британия музейи, бесинши орынды болса Мадридтеги Прадо музейи ийелеген.
Сондай-ақ, биринши онлыққа Афинадағы Акрополь, Париждеги Лувр, Жаңа Орлеандағы (АҚШ) Екинши дүнья жүзилик урыс миллий музейи, Мехикодағы Антропология миллий музейи, Вьетнамдағы урыс қурбанлары музейи кирген.

Жаҳангер Искендеров таярлады.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

        Өзбекстан баспасөз еркинлиги индексинде дүньяның 180 мәмлекетиниң ишинде 148-орынды ийеледи. Республика 2024-жылғы рейтингде де усындай