Telegram karinform

Мәденият

  • 20.10.2018 18:24
  • 483

Муниса Ризаева көп муғдардағы пулды алдаў жолы менен өзлестириўде айыпланбақта

Муниса Ризаева көп муғдардағы пулды алдаў жолы менен өзлестириўде айыпланбақта
19-октябрь күни Наманган қаласында ўәлаятлық прокуратурадан алдаўшылық жағдайы бойынша ҳүжжет келип түсти, деп жазады Өзбекстан Республикасы ИИМ Жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен байланыслар басқармасы.
Хабарға муўапық, 19-сентябрь күни Ташкент қаласы Шайхонтоҳур районында жасайтуғын Д.С. арза менен мүрәжат етип, танысы А.Э (ҳаял адам) оның исенимине кирип, усы жылы 25-июнь күни Наманган қаласында, 26-июнь күни Ферғана қаласында ҳәм 27-июнь күни Әндижан қаласында қосықшы Муниса Ризаеваның «Ёмғир» деп аталган концерт бағдарламасын өткерип берип, ҳәр бир бағдарлама ушын 6 000 АҚШ доллары, жәми 18 000 АҚШ долларын алып, оған бермегенин мәлим еткен. Сондай-ақ, А.Э. 25-июнь күни Наманган қаласында концерт бағдарламасын өткерип, 2 400 пуқараға сатылған жәми 48 000 000 сумлық билет пулларын алдаўшылық жолы менен қолға киргизип, өз зәрүрликлери ушын пайдаланғанын көрсеткен.
Бул ҳалат бойынша жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында