Telegram karinform

Экономика

  • 26.10.2018 12:59
  • 1879

Және 100 мың сумлық купюралар ҳаққында гәплер пайда болды. Қаржы министрлиги буған не деп жуўап берди?

Және 100 мың сумлық купюралар ҳаққында гәплер пайда болды. Қаржы министрлиги буған не деп жуўап берди?
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Ғазнашылығында Қаржы министрлиги системасындағы жуўапкер қәнигелер, журналистлердиң қатнасыўында ашық сәўбетлесиў болып өтти. Онда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – қаржы министри Жамшид Қўчқоров 100 мың сумлық купюра ҳаққында берилген сораўға жуўап берди, деп жазады Kun.uz.
«Бул мәселе менен Орайлық банк шуғылланады. Бир нәрсени түсинип алың, купюраны айланысқа түсириў ҳаққындағы хабар бирден жәрияланбайды. Оны басып шығарыў, таярлаў керек, Президент тәрепинен тастыйықланады. Тек усыннан кейин ғана жәрияланады. Ҳәзир мен бул ҳаққында мағлыўматқа ийе болғанымда да, буны айтпаған болар едим. Бирақ, ҳәзир мен расы менен ҳеш нәрсени билмеймен. Бул мәселе менен тек ғана Орайлық банк шуғылланады», - деди қаржы министри.
Еслетип өтемиз, алдын Орайлық банк 100 мың сумлық купюралар шығарылыўы ҳаққындағы хабарларды бийкарлаған еди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған