Telegram karinform

Экономика

  • 29.10.2018 12:24
  • 2081

32 мың 524 тонна. Әмиўдәрья районы Қарақалпақстанда биринши болып пахта тапсырыў жобасын орынлады

32 мың 524 тонна. Әмиўдәрья районы Қарақалпақстанда биринши болып пахта тапсырыў жобасын орынлады
Әмиўдәрья районы фермерлери 2018-жылдың өними ушын 32 мың 524 тонна пахта тапсырып, мәмлекет алдындағы жыллық шәртнамалық жобасын артығы менен орынлады, деп жазады Amunews.uz сайты.
Быйылғы жылы райондағы 510 фермер хожалығының 15 мың 550 гектарлық жерине шигит егилип, ҳаўа райының қыйыншылықларына қарамастан бир тегис ғаўаша алыўға еристи.
Суўғарыў жумысларын өз ўақтында нәтийжели алып барыў ушын Қытай Халық Республикасында ислеп шығарылған 30 дана киши көшпели дизель насосларының жеткерип берилгени де өз нәтийжесин берди.
Пахтаны терип алыў ушын ықтыярлылық тийкарында 300 терим отрядлары қәлиплестирилди.
Теримшилерге барлық шараятлар жаратып, алдынғы теримшилер тез-тезден хошаметлеп барылды.
Район бойынша жәми 24 млрд сумнан артық нақ пул терим ҳақы сыпатында тарқатылды. Айрықша атап өтетуғын жери, өндирилген 32 мың тоннадан аслам өнимниң тийкарғы бөлеги биринши сортлы пахта деп табылғаны фермерлердиң мол дәрамат алыўын тәмийинледи.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған