Telegram karinform

Жәмийет

  • 06.11.2018 17:16
  • 1795

Нөкисте үш жулдызлы «Ташкент» мийманханасының ашылыўы болып өтти (+фото)

Нөкисте үш жулдызлы «Ташкент» мийманханасының ашылыўы болып өтти (+фото)

Усы жыл 6-ноябрь күни пайтахтымыз Нөкис қаласында «Ташкент» мийманханасы пайдаланыўға тапсырылды. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги хабар бермекте.
Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Нөкис қаласының ҳәкими П.Төрешов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйнағанларды жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, бир неше жылдан берли пайдаланылмай турған «Ташкент» мийманханасының имараты Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2014-жыл 3-июльдеги «Мәмлекетлик мүлк объектлерин киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерине сатыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық тендер саўдасына қойылып, «KKRASI BETON» жеке меншик кәрханасы тәрепинен инвестиция миннетлери ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў шәрти менен «ноль»лик баҳада сатып алынды.
Инвестиция бағдарламасының дәслепки баҳасы 3 миллиард 200 миллион сум етип белгиленген болса, ҳақыйқатында инвестор өз қаржылары есабынан киргизилген инвестицияның муғдары 8 миллиард сумды қурады. Нәтийжеде премиум класс бөлмелерине ийе 63 орынлы үш жулдызлы «Ташкент» мийманханасы шөлкемлестирилип, өз жумысын баслады. Усының есабынан 30 жаңа жумыс орны жаратылды.
Илаж қатнасыўшылары бул жерде мийманлар ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.
Нөкисте үш жулдызлы «Ташкент» мийманханасының ашылыўы болып өтти (+фото)
Нөкисте үш жулдызлы «Ташкент» мийманханасының ашылыўы болып өтти (+фото)
Нөкисте үш жулдызлы «Ташкент» мийманханасының ашылыўы болып өтти (+фото)
Нөкисте үш жулдызлы «Ташкент» мийманханасының ашылыўы болып өтти (+фото)

Мақсет Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында