Telegram karinform

Спорт

  • 19.08.2017 14:19
  • 3096

Өзбекистан тарийхындағы Азия ойынларында биринши алтын медальды алған қарақалпақ боксшысы (видео)

Өзбекистан тарийхындағы Азия ойынларында биринши алтын медальды алған қарақалпақ боксшысы (видео)

Әлийшер Әўезбаев – өз ўақтында «нокаутшы» болған қарақалпақ жигити. Әлийшер Әўезбаевтың елимиз спорт тарийхындағы орны гиреўли болып табылады.

Өзбекистан тарийхындағы Азия ойынларында биринши алтын медальды алған қарақалпақ боксшысы (видео)

Өйткени, ол Өзбекистан Республикасы өз ғәрезсизлигин жәриялағаннан соң 1994-жылы ғәрезсиз мәмлекет сыпатында биринши мәрте қатнасып атырған Японияның Хиросима қаласындағы XII Азия ойынларында команданың ең дәслепки алтын медалын алып, қарақалпақ жигитлериниң күш-қүдиретин дүньяға көрсетип қойды.
1994-жылы 7-октябрь күни Әлийшер Әўезбаев 91 килограммға шекемги салмақ категориясында шерек финалда қарсыласы – Неппал мәмлекетинен Радж Капур Тапалияны нокаутқа ушыратады. Ярым финалда болса қытайлы Хианг Таоны очколар есабында жеңип шығып, финалға жоллама алады. Финалда Әлийшер Әўезбаев өз қүдиретин толық көрсете алды. Қарсыласы Сауд Арабиясынан Юсуф Хавсавиди нокаутқа ушыратып, алтын медаль жеңимпазына айланады.

Өзбекистан тарийхындағы Азия ойынларында биринши алтын медальды алған қарақалпақ боксшысы (видео)

Әлийшер Әўезбаевтың жеңиси Өзбекистанның ғәрезсиз мәмлекет сыпатындағы қатнасып атырған дәслепки халықаралық беллесиўиндеги дәслепки алтын медалы еди. Усындай мәртебеге қарақалпақстанлы Әлийшер Әўезбаевтың ылайық болғаны сиз ҳәм бизиң мақтанышымыз болып табылады. Төменде сиз Әлийшер Әўезбаевтың мәртлигине арналған клипти тамашалаўыңыз мүмкин.



Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында