Telegram karinform

Мақала

  • 15.11.2018 14:00
  • 1808

Биз мәжбүрий мийнетке қарсымыз!

Биз мәжбүрий мийнетке қарсымыз!
Дүньядағы ҳәр бир инсан қайсы мәмлекетте жасаўына қарамастан өзи қәлеген кәсип-өнеринде еркин жумыс ислеп дәрамат табыўы – сол елде демократияның барлығынан дәрек береди. Бизиң республикамыздың көп миллетли аўызбиршиликли халқы да уллы мақсетлерди гөзлеп, өз бағдарында нәтийжели жумыс алып бармақта.
Бирақ, айрым ўақытлары мәжбүрий мийнеттиң қурбанына айланған адамларды көрип, еситип, ҳайран қаламыз.
Тийкарынан, мәжбүрий мийнеттиң қурбанлары жетерли билимге ийе емес, ҳуқықый саўаты төмен ҳәм шаңарағындағы жағдайының төменлигинен бул унамсыз жағдайға түсип қалады.
Ҳеш бир адам екинши бир адамды жумыс ислеўге мәжбүрлемеўи керек. Ҳәттеки, ержетпеген перзентлерине аўыр салмақтағы жүкти көтергизиўдиң өзи де мәжбүрий мийнет екенлигин көпшилик ата-аналар биле бермейди. Мәселен, жасы 16 ға толмаған қызлар 4 килограмнан артық, ал ер балалар болса 6 килограмнан артық жүкти көтермеўи керек. Себеби, бул салмақты көтерген баланың омыртқасында өзгерис болып, келешекте аўыр кеселликлер жүзеге келиўи мүмкин. Сондай-ақ, гүз мәўсиминде жыйын-терим мапазында мәжбүрий мийнетке жол қоймаў бойынша турақлы түрде үгит-нәсият жумысларының алып барылыўы нәтийжесинде бундай унамсыз жағдайлардың алды алынды.
Мәжбүрий мийнет етиўге сизди ҳеш ким мәжбүрлей алмайды. Солай болса да, «маған тиймесе болды» деген көз-қараста емес, ал усындай кеўилсиз жағдайдың ҳеш бир жерде болмаўына өз үлесимизди қосып, белсендилик көрсетейик!

Ләззет Есемуратова.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Уқсас жаңалықлар

1-июльден шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң электрон формасы рәсмий түрде тән алынады

1-июльден шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң электрон формасы рәсмий түрде тән алынады

    1-июльден шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң my.gov.uz дағы электрон формасы рәсмий түрде тән алынады,

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

    Жынаят кодексиниң 139-статьясына тийкарланып, жала жабыў, яғный, билип турып басқа шахсты шерменде қылатуғын өтириклерди тарқатыў,

Баланы аўқатын таўысып қойыўға мәжбүрлемеў керек

Баланы аўқатын таўысып қойыўға мәжбүрлемеў керек

    Балаларды аўқатын таўысыўына мәжбүрлеў - аўқатланыў процессиниң бузылыўына алып келеди. Егер адам тойғанын сезгеннен кейин