Telegram karinform

Сиясат

  • 15.11.2018 22:05
  • 2126

Президент Қанлыкөл районындағы жойбарлық баҳасы 38,7 миллион АҚШ долларын қурайтуғын «Кантекс инвест» кәрханасы менен танысты

Президент Қанлыкөл районындағы жойбарлық баҳасы 38,7 миллион АҚШ долларын қурайтуғын «Кантекс инвест» кәрханасы менен танысты
Президент Шавкат Мирзиёев Қанлыкөл районында қурылған «Кантекс инвест» тоқымашылық кәрханасы менен танысты.
Мәмлекетимиз басшысының Қарақалпақстан Республикасына алдынғы сапарлары ўақтында Қанлыкөл районына 10 миллион евро инвестиция киргизип, ири тоқымашылық кәрханасын шөлкемлестириў жойбары усынылған еди. Өткен ўақыт даўамында кәрхана ушын 10 гектарлық жер ажыратылып, қурылыс жумыслары баслап жиберилди. Кәрхананы қурыў жеңил санаат өнимлерин ислеп шығарыўда тәжирийбели болған «Кантекс инвест» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен әмелге асырылды. Нәтийжеде 23 миллион евро инвестиция киргизилип, партаў жерде заманагөй тоқымашылық фабрикасы бой тикледи.
Ҳәзирги ўақытта кәрханаға Германия, Швейцария, Туркия ҳәм Ҳиндстаннан соңғы модельдеги тоқымашылық үскенелери алып келинген болып, оларды орнатыў ҳәм монтажлаў жумыслары алып барылмақта.
Жойбарлық баҳасы 38,7 миллион АҚШ доллары болған кәрхананы келеси жылдың биринши шерегинде иске қосыў жобаластырылмақта. Бул жерде дәслепки басқышта жылына 11 мың тонна дүньялық талапларға жуўап беретуғын сапалы жип-сабақлары ислеп шығарылады. Гезектеги басқышта тоқымашылық гезлемесин таярлаў, 2021-жылда әмелге асырылатуғын соңғы басқышта гезлемени бояў ҳәм тайын кийим-кеншек ислеп шығарыў жолға қойылады.
Кәрхана толық қуўатлылық пенен ислей баслағаннан соң жылына 25 миллион АҚШ долларынан аслам өним экспорт етиў жобаластырылған.
Мәмлекетимиз басшысы кәрхананың ислеп шығарыў процесин көзден өткерди, шөлкемлестириўшилери менен сәўбетлести.
650 ге шаламас жергиликли халық жумыс пенен тәмийинленетуғын кәрханада ҳәзирги ўақытта жумысшылар таңлап алынып, усы жердиң өзинде шөлкемлестирилген оқыў бөлмелеринде оқытылмақта, сондай-ақ, елимиздиң басқа аймақларындағы кәрханаларда тәжирийбе арттырмақта.
Президентимиз бундай кәрханаларды шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет жумыс орынларын жаратыў екенлиги, елимиздиң сырт еллердеги елшиханалары менен биргеликте технология алып келип, кәрханаларды және де көбейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.
Президент Қанлыкөл районындағы жойбарлық баҳасы 38,7 миллион АҚШ долларын қурайтуғын «Кантекс инвест» кәрханасы менен танысты
Президент Қанлыкөл районындағы жойбарлық баҳасы 38,7 миллион АҚШ долларын қурайтуғын «Кантекс инвест» кәрханасы менен танысты
Президент Қанлыкөл районындағы жойбарлық баҳасы 38,7 миллион АҚШ долларын қурайтуғын «Кантекс инвест» кәрханасы менен танысты
Президент Қанлыкөл районындағы жойбарлық баҳасы 38,7 миллион АҚШ долларын қурайтуғын «Кантекс инвест» кәрханасы менен танысты

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған