Telegram karinform

Спорт

  • 20.11.2018 16:17
  • 2093

НМПИде 6 спорт түри бойынша «Спартакиада-2018» жарыслары жуўмақланды

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 27 жыллық байрамы ҳәм «1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» байрамы мүнәсибети менен институттың 1-курс студентлери арасында «Спартакиада-2018» жарыслары болып өтти.
Спартакиада жарыслары спорттың 6 түри бойынша – шахмат, баскетбол, гандбол, волейбол, мини футбол, стол тенниси бойынша ҳәр ҳәптеде турақлы түрде тастыйықланған кесте тийкарында өткерилип барылды.
Спорт жарысларында институттың дене мәденияты факультетиниң тәжирийбели тренер-оқытыўшылары әдил түрде төрешилик етти.
НМПИде 6 спорт түри бойынша «Спартакиада-2018» жарыслары жуўмақланды
Спартакиаданың жуўмақлары бойынша салтанатлы сыйлықлаў илажы өткерилип, онда институт ректоры Б.Отемуратов ҳәм проректорлар, барлық факультет деканлары ҳәм спорт жарысларының қатнасыўшылары қатнасты.
Сөзге шыққанлар жаслар арасында спорттың ғалабалығына ерисиў ҳәр тәреплеме саламат келешек ийелерин тәрбиялаўдағы әҳмийетли қәдем екенлигин атап өтти.
НМПИде 6 спорт түри бойынша «Спартакиада-2018» жарыслары жуўмақланды
НМПИде 6 спорт түри бойынша «Спартакиада-2018» жарыслары жуўмақланды
Спартакиада жарысларының жуўмағы бойынша жәми 3 алтын, 4 гүмис ҳәм 1 бронза медалын жеңип алған шет тиллери факультети студентлери улыўмалық есапта 1-орынды жеңип алды.
3 алтын ҳәм 2 бронза медалы менен мектептке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети студентлери 2-орын, ал 2 алтын, 5 гүмис медаль топлаған физика-мийнет факультети студент-жаслары 3-орынды ийеледи.
НМПИде 6 спорт түри бойынша «Спартакиада-2018» жарыслары жуўмақланды
НМПИде 6 спорт түри бойынша «Спартакиада-2018» жарыслары жуўмақланды
Қалған факультетлердиң көрсеткишлери төмендегише болды:
4-орын. Математика-информатика – 1 алтын, 1 гүмис, 3 бронза медалы.
5-орын. Тарийх-география – 1 алтын, 1 гүмис, 2 бронза медалы.
6-орын. Педагогика – 1 алтын медалы.
7-орын. Филология – 2 бронза медалы.
8-орын. Химия-биология – 1 бронза медалы.
НМПИде 6 спорт түри бойынша «Спартакиада-2018» жарыслары жуўмақланды
НМПИде 6 спорт түри бойынша «Спартакиада-2018» жарыслары жуўмақланды
Жеңимпаз болғанлар ҳәм сыйлы орынды ийелеген студентлер институт ректораты ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлер тәрепинен таярланған диплом, медаль, кубок ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет