Telegram karinform

Мәденият

  • 20.11.2018 18:16
  • 1779

Хош хабар! «Лувр үйреги» спектакли «Дебют-2018» жеңимпазы болды

Бурын хабар етилгениндей, усы жыл 15-20-ноябрь күнлери аралығында Ташкент қаласында «Дебют-2018» V республикалық фестивалы өткерилди.
Хош хабар! «Лувр үйреги» спектакли «Дебют-2018» жеңимпазы болды
Онда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры жас режиссёр М.Реймов тәрепинен сахналастырылған Шыңғыс Айтматовтың «Теңиз жағалап жортқан тарғыл көпек» шығармасы тийкарында исленген «Лувр үйреги» спектакли, Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театры жас режиссёр Г.Далиева тәрепинен сахналастырған Ш.Перроның «Қызыл қалпақша» қуўыршақ спектакли менен қатнасты.
Хош хабар! «Лувр үйреги» спектакли «Дебют-2018» жеңимпазы болды
Фестиваль жуўмағында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының жас режиссёры М.Реймов сахналастырған «Лувр үйреги» спектакли биринши орынды жеңип алды. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы Т.Сейтназарова хабар берди.
Еслетип өтемиз, бул спектакль усы жыл 12-17-ноябрь күнлери аралығында Қырғызстан Республикасының Бишкек қаласында қырғыз жазыўшысы Шыңғыс Айтматов туўылғанының 90 жыллығы мүнәсибети менен «Айтматов ҳәм театр» атамасында өткерилген халықаралық театрлар фестивалында үшинши орынды ийелеген еди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...