Telegram karinform

Сиясат

  • 21.11.2018 11:30
  • 2255

Қоңырат районына жаңа ҳәким тайынланды

Қоңырат районына жаңа ҳәким тайынланды
Усы жыл 20-ноябрь күни халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң гезексиз отыз сегизинши сессиясы болып өтти.
Сессия жумысында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов шығып сөйлеп, районды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша алда турған ўазыйпаларға тоқтады.
Сессияда шөлкемлестириў мәселеси қаралып, Хорезм ўәлаяты ҳәкимлиги экономика ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша секратариат баслығы лаўазымында ислеп келген Бердах Сейтмуратович Сапаров Қоңырат районының ҳәкими етип тастыйықланды. Бул ҳақкында Қарақалпақстан хабар агентлиги хабар бермекте.
Бул мәселе бойынша депутатлар ҳәм район белсендилери шығып сөйлеп, оның кандидатурасын қолап-қуўатлады.
Сессия жумысына Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры О.Муродов қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте